Siyosat «Сораў бериң, жуўап қайтарамыз» рубрикасы

«Сораў бериң, жуўап қайтарамыз» рубрикасы

0
«Сораў бериң, жуўап қайтарамыз» рубрикасы

Транспорт басқарыўшыларыныӊ мәслик жағдайын анықлаў бойынша сиз қызықтырған сораўларға жуўаплар.

1- сораў: Қайсы жағдайларда транспорт басқарыўшысыныӊ мәс ҳалында екенлигин тексериў мүмкин?

Жуўап: Транспорт басқарыўшысыныӊ мәс ҳалында екенлигин төмендеги жағдайларда тексериў мүмкин:

- транспорт басқарыўшысыныӊ аўыз бослығынан алкоголь ийиси келсе;

- транспорт басқарыўшысы бир жағдайда туўры тура алмаса (шайқалып турыўы);

- транспорт басқарыўшысыныӊ сөйлесиў жағдайы бузылса;

- транспорт басқарыўшысыныӊ қол бармақлары қалтыраса;

- транспорт басқарыўшысыныӊ сөйлесиў жағдайы бузылса;

- транспорт басқарыўшысыныӊ қол бармақлары қалтыраса;

- транспорт басқарыўшысыныӊ жүз (бет) териси реӊи сезилерли өзгерген болса.

2-сораў: Алкогольден мәслик жағдайы қандай анықланады?

Жуўап: Бунда 2 түрли усылда әмелге асырылады яғный, арнаўлы техникалық қурал-алкотестер жәрдеминде ҳәм район (қала) емлеў -профилактика мекемелеринде медициналық тексериўден өткериў арқалы.

3-сораў: Қашан алкотестер, қашан медициналық тексериў қолланылады?

Жуўап: Транспорт басқарыўшыларыныӊ алкогольли ишимликлер тәсиринен мәс  жағдайда екенлигин анықлаў

алкотестер жәрдеминде қағыйдабузарлық жүз берген орынныӊ өзинде әмелге асырылады.

Транспорт басқарыўшысы алкотестер жәрдеминде тексериўден бас тартқан яки онда алкотестер арқалы тексериў нәтийжелерине қарсылық бар болған жағдайларда транспорт басқарыўшысы медициналық тексериўден өткериледи.

4-сораў: Мәслик жағдайын тексериўде қалыслар болыўы керекпе?

Жуўап: Қалыслар қатнасы болыўы керек ҳәм бул жағдай кеминде 2 қалыс қатнасыўында өткерилиўи шәрт. Егер, мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети хызметкери гүзетиў камерасы (body camera)дан пайдаланған ҳалда тексериўди өткерген болса, қалыслар қатнасы шәрт емес.                      

5-сораў: Тексериўден бас тартылған жағдайда қандай ҳәрекетлер әмелге асырылады?

Жуўап: Ҳәкимшилик баяннама рәсмийлестирилип, 1 жыл 6 айдан 3 жылға шекемги болған мүддетке транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырыў ҳәм 3 млн 345 мыӊ сум муғдарында жәриймаға тартылады. Сол ҳуқықбузарлық транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықы болмаған шахс тәрепинен исленген болса, 6 млн 690 мыӊ сум муғдарында жәрийма яки 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы қолланылады.

6-сораў: Велосипед басқарыўшысы да мәслик бойынша тексерилиўи мүмкинбе?

Жуўап: Әлбетте, тексериўден бас тартқан тәғдирде, оныӊ қарсысына ҳәкимшилик баяннама рәсмийлестирилип, 669 мыӊ сум муғдарында жәрийма қолланылады.

7-сораў: Алкотестер алкогольден мәслик жағдайын анықламаса, бирақ транспорт басқарыўшысында өзгеше тәризде мәслик белгилери бар болса не болады?

Жуўап: Бул жағдайда шахс медициналық тексериўге алып барылады, транспорт басқарыўшысыныӊ наркологик диспансерлерде наркологлар тәрепинен яки район (қала) даўалаў-профилактика мекемелеринен арнаўлы таярлықтан өткен шыпакерлер тәрепинен тексериледи.

8-сораў: Медициналық тексериў қанша ўақыт даўамында өткериледи?

Жуўап: Транспорт қуралы басқарыўшысы тоқтатылған (жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген) ўақыттан баслап узағы менен 1 саат ишинде медициналық тексериўден өткериледи.

9-сораў: Шахс қашан алкоголь өними тәсиринде мәс болған деп табылады?

Жуўап: Транспорт басқарыўшысы тәрепинен шығарылған ҳаўадағы этанол пуўлары концентрациясы көрсеткиши 0,135 миллиграмм ҳәм оннан жоқары болған жағдайларда (алкотестер жәрдеминде анықланады) ҳәм алкоголь өниминиӊ қандағы концентрациясы 0,3 промилле ҳәм оннан артық болғанында (медициналық мекемелерде анықланады).

10-сораў: Медициналық тексериў жуўмағына қарсылығым бар десе?

Жуўап: Бундай жағдайда транспорт басқарыўшысы басқа медициналық мекемеде қайта медициналық тексериўден өткерилиўин талап етиўге ҳақылы.

Қайта медициналық тексериўден өткериў мәслик белгилери анықланған яки жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген ўақыттан баслап 2 саат ишинде басқа жақын аралықта жайласқан медицина мекемесинде әмелге асырылады.

11-сораў: Мәслик жағдайы тастыйықланғанда қандай жуўапкершилик шарасы қолланылады?

 Жуўап: Ҳәкимшилик баяннама рәсмийлестирилип, 1 жыл 6 айдан 3 жылға шекемги болған мүддетке транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады ҳәм 5 млн 575 мыӊ сум муғдарында жәриймаға тартылады.

     Сол ҳуқықбузарлық транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықы болмаған шахс тәрепинен исленген болса, 8 млн 920 мыӊ сум муғдарында жәрийма яки 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы қолланылады.                  

Районлық әдиллик бөлими