Siyosat БАЛЫҚ АЎЛАЎДЫ ҚАДАҒАН ЕТИЎ БАСЛАНДЫ

БАЛЫҚ АЎЛАЎДЫ ҚАДАҒАН ЕТИЎ БАСЛАНДЫ

0
БАЛЫҚ АЎЛАЎДЫ ҚАДАҒАН ЕТИЎ БАСЛАНДЫ

Соңғы еки жылдан берли дәрьяларымызға суўдың мол келиўи менен аўыл хожалығы тараўында үлкен тасбыслар қолға киргизилмекте. Ҳәзирги мәўсимде көллеримиз суўға толып, балықлар уўылдырық шашып, өршип-өрбиўге айланып атыр. Усындай мәҳәлде олардың өнип-өсиўи ушын мүмкиншилик жаратып берсек, суўымызда балықлар көбейип, халықтың өнимине болған талабы қанаатландырылады. Әсиресе, оларды уўылдырықты шашыў мәўсиминде аўлаў қадаған етиледи. Усыған тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен 2020-жыл 18-март күнги 71-санлы буйрығы шығарылды. Буйрықта көрсетилиўинше, көллерде ҳәм басқа да суўлы орынларда усы жылдың апрель айының 25-сәнесинен баслап июнь айының 10-сәнесине шекем балық аўлаў қадаған етиледи. Сондай-ақ, мәўсимде көллерде ҳәм суў дереклеринде моторлы қайықларды айдаў тек ғана Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң келисими менен рухсат етиледи.

Балықшылық хожалық басшылары өзлерине тийисли болған аўларды көллерден  алып шығып, арнаўлы орынларда сақлаўын тәмийинлеўди шөлкемлестириўи тийис. Сондай-ақ, тәбийий көллерде ҳәм басқа да орынларда нызамсыз балық аўлаў ҳәм оларды сатыўдың алдын алыў мақсетинде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети ишки ислер министрлиги, мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен 2020-жылы тастыйықланған ис жобада белгиленген жумысларды шөлкемлестириў мақсетке муўапық ис болады.

Тәбияттың бизге инам етип берип қойған байлықлары оғада көп. Солардың бири биз сөз етип отырған балықлар саналады. Егер биз олардың өсип-өниўине мүмкиншилик жаратпасақ, бара-бара олардың саны азайып, халқымыздың өнимге болған мүтәжи арта береди. Сонлықтан, биз олардың уўылдырық шашыў арқалы көбейетуғынын жақсы билемиз. Егер олардың тыныш ҳалатың бузсақ, шашқан уўылдырықлары зыянланыўы мүмкин.

Балық аўлаўды қадағалаў мәўсиминде қадаған етилген ҳәр қандай иске жуўапкершилик пенен қарап, ана тәбиятымызды, оның байлықларын асырап абайлайық.

 

Асқар РЕЙМОВ

Тахтакөпир районлық экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў инспекциясы баслығы