Siyosat Биргеликте жеңемиз!

Биргеликте жеңемиз!

0
Биргеликте жеңемиз!

Ҳәзирги күнде барлық дыққат итибар дүнья жүзи бойлап тарқалған коронавирус инфекциясына қарсы гүресиўге қаратылған. Бул инфекция тез тарқалыўы себепли жер шары көлеминде көплеген мәмлекетлердиң ишине кирип бара алған. Эпидемия кеңнен тарқалып кеткени себепли, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми оны пандемия деп жәриялады. Усындай дәўирде ҳәр бир мәмлекет халық пенен бирге сынаўға толы күнлерди бирге басып өтиў хәм тезирек бул инсан өмирине қәўипли вирусты жеңиў бирден-бир мақсет болып табылады. Бизиң елимизде коронавирус пандемиясына қарсы көплеген ис-илажлар әмелге асырылмақта.

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген 18-март күни «Мәҳәлле  ҳәм шаңарақ мәселелерине бағышланған видеоселектордағы  мүрәжатинде:

– Бул өмирдиң көплеген аўыр сынақларын ҳәм жақсы-жаман күнлерин бастан өткерген халқымыз ҳәммесин дурыс түсинип, мәселеге саналы қатнас жасамақта. Муфтийлик басшылығында диний уламалар елимизге тынышлық, наўқасларға шыпа тилеп, дуўа ҳәм пәтиялар етпекте. Миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәммемиз биргемиз ҳәм, исенемен, бул қыйыншылықлар, әлбетте, өтип кетеди деп халқымызға өзиниң исенимин билдирди.

Ҳәр бир сынақты бирлескен ҳалда жеңип өтиў биринши ўазыйпамыз. Бирақ, тилекке қарсы, усындай шараятта өзиниң жеке мәплерин көзлеп ел тынышлығына кери тәсир ететуғын ҳәрекетлердиң алдын алыўымыз керек. Тийкарсыз информация  тарқалыўына жол қойылмаўы тийис.

Бул пандемия дәўиринде мәмлекет әмелге асырып атырған сиясатты қоллап–қуўатлаў ертеңги келешегимиз ҳәм елимиздиң бизге жаратып берип атырған барлық шараят, қолайлықларынан дурыс пайдаланыўымыз- бизлерди тезирек бул коронавирус пандемиясын жеңиўимизге тийкар бола алады. Және де республикамыздың экономикалық ҳәм социаллық жақтан раўажланыўы даўам етиўинде 2020-жыл 3-апрельдеги «Коронавирус пандемиясы дәўиринде халық, экономика тармақлары ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП–5978-санлы пәрманларына муўапық, халықты социаллық қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў, экономика тармақларының турақлы жумыс алып барыўын тәмийинлеў бойынша илажлар әмелге асырылмақта бул да мәмлекетимиз исбилерменлик тараўының пандемия шарәятында үзликсиз ис алып барыўын тәмийинлеўде оларды қоллап-қуўатлаўшы бирден-бир ҳүжжет болды.

        Усы жылдың 20-апрель сəнесинде Ҳүрметли Президентимиз басламасы менен мәмлекетимиз ҳәм халқымыз қүдиретиниң әмелий көриниси сыпатында Республика көлеминде «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўмахалықлық ҳәрекети шөлкемлестирилди ҳəм бүгинги күнде усы ҳəрекет тəрепинен социаллық қорғаўға мүтәж, көп балалы шаңарақларды, майып шахслар ҳәм жалғыз кекселерди, сондай-ақ, өз дәраматларын жоғалтқан ўақытша жумыссыз болған физикалық шахсларды қоллап-қуўатлаў бағдарында көлемли жумыслар алып барылмақта. Ҳәзирги күни кирип келген ҳәммемиз ушын муқаддес болған Рамазан айы мүнәсибети менен ҳәр бир исбилермен, фермер, депутатларымыз тәрепинен мүтәж шаңарақларға қаржылай ҳәм  азық-аўкатлық өнимлерден жәрдемлер көрсетилип, қайыр-сақаўатлық илажлары даўам етпекте.

Өткинши карантин дәўиринде ҳәр биримиз халқымызға, бир-биреўге меҳир, итибарлы, Журтбасшымызға қол қанат ҳәм сүйениш болыўымыз керек.

       Президентимиздиң «Бизиң мәмлекетимиз буннанда қыйын күнлерди бастан өткерди, биз биргелесип ҳәрекетте болсақ, әлбетте, бул қыйыншылықты да жеңип өтемиз», деген сөзи ҳәр биримизди руўхландырады ҳәм исеним оятары сөзсиз.

       «Сақаўат ҳәм жәрдем»  улыўмахалықлық ҳәрекетине өз үлесин қосып атырған ҳәр бир исбилермен, фермер, партия белсендилери ҳәм депутатлар бул басламаны қоллап-қуўатлай береди. Себеби, биз ҳәммемиз жәмленген бир күшпиз.

Гүлнара  Рахманова                          

Олий Мажлис Нызамшылық Палатасы депутаты жәрдемшиси