Гезектеги сессия болып өтти
Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң VІІ сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына Өзбекстан Олий Мажлиси сенаты ағзасы, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Абатбай Данияров, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты Бахтыбай Алдамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары районлық Кеңеске депутатлар, төрт сектор басшылары, мекеме, шөлкем, пуқаралар жыйыны баслықлары қатнасты.
Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими Жамбул Адилов басқарып барды.
Сессияның күн тәртибиндеги Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 23-апрель күнги видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген "Қайыр-сақаўат ҳәм көмек" улыўмахалықлық ҳәрекетин шөлкемлестириў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мәселеси бойынша төрт сектор басшыларының баянатлары тыңланды.
Әлбетте, халқымыз әзелден бири-бирине қәдирдан болып келген. Буннан да қыйын-қыстаў күнлерди ата-бабаларымыз мийтиндей беккем аўызбиршилиги, мийрим-шәпәәти, қолға-қол усласқан дослығы арқалы жеңип келген. Президентимиз тәрепинен атап өтилгениндей, халқымыздың бул тарийхый әсирлерден асқан бирлигин есапқа алған ҳалда "Қайыр-сақаўат ҳәм көмек" улыўмахалықлық ҳәрекети халқымыз тәрепинен жыллы күтип алынбақта. Кем тәмийинленген, жумыссыз, бағыўшысын жойтқанлар менен жалғыз кекселер бүгин жәрдемге мүтәж. Сонлықтанда карантин дәўиринде қала ҳәм районлар кесиминде исбилерменлик субъектлериниң басламалары тийкарында шаңарақларға қәўендер сыпатында бириктирилип, 3 айлық бағдарламалар исленбекте.
Сектор басшылары атап өткениндей, усы белгилеп берилген тапсырмалардың толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша район аймағындағы 17 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны кесиминде кем тәмийинленген социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың дизимлери қәлиплестирилди ҳәм социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, халықты тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен турақлы тәмийинлеў бағдарында төмендеги жумысларды әмелге асырыўды ўазыйпа етип белгилеп алды.
Районның социаллық көрсеткишлерине тоқтап өтетуғын болсақ, 1-апрель жағдайына 7904 шаңарақларда (7004 хожалықлар) 40200 пуқара жасайды, соннан кем тәмийинленген шаңарақлар саны 575 ти қурап, жәми шаңарақларға салыстырғанда кем тәмийинленгенлик 4,7 пайызды қурайды.
Усы кем тәмийинленген шаңарақлардың ҳәр бир ағзасын социаллық қорғаў мақсетинде 345 жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳәр бирине бирлемши азық-аўқатлық өнимлерине болған талаплары, медициналық хызметлер ҳәм мәжбүрий төлемлерге болған қәрежетлер есап-китабы ислеп шығылды. Нәтийжеде ҳәр бир халық жан басына 15 түрдеги азық-аўқатлық өнимлер ҳәм гигиеналық буйымлар ушын 300 мың сумнан талап етиледи, яғный 1536 пуқараға есап-китапларға көре 1 айға 460,8 миллион сум, ал 3 айға 1 миллиард 383 миллион сумлық азық-аўқатлық өнимлери талап етиледи.
Сондай-ақ, кем тәмийинленген, карантин ўақтында дәраматсыз қалған 230 мийнетке жарамлы шаңарақлар ағзалары анықланып, олардан:
-71 пуқара исбилерменлик субъектлерине;
-65 пуқара фермер хожалықларына;
Районда әмелге асырылып атырған «Абат орай» дәстүри шеңберинде:
-50 пуқараны «Жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасына;
-42 пуқараны райондағы қурылыс кәрханаларына жумысқа жайластырыў илажлары көрилди.
Ишки мүмкиншиликлерден келип шығып, ҳәр бир мекеме, кәрхана, шөлкем, исбилерменлик субъектлери ҳәм фермер хожалық басшыларына социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақ ағзаларын жумыс пенен тәмийинлеў бойынша өзлериниң келисимлери тийкарында қәўендерлик есабында бириктирилди.
Бүгинги күнде Өзбекстан Мәҳәлле қайырқомлық жәмийетлик фонды Тахтакөпир районлық бөлимшеси жанындағы «Қайыр-сақаўат ҳәм көмек» жамғармасының арнаўлы есап-бетине өз қәлеўи менен қайырқомлық ислеў, жәрдем көрсетиў нийетин билдирген мекеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер, исбилермен субъектлери ҳәм фермер хожалықлары 3 аў даўамында 732,3 миллион сумлық қайырқомлық жәрдемлерин бериў басламасы менен шықты.
Соннан бүгинги күнге 83 миллион сумлық қайырқомлық жәрдем қаржылары келип түсти.
Усы жылдың 20-апрель күни Президентимиз басламасы менен илгери сүрилген «Қайыр-сақаўат ҳәм көмек» улыўма халықлық ҳәрекетин шөлкемлестириўде райондағы ҳәрекет етип турған финанслық турақлы кәрханалардың имканиятлары ҳәм талап усынысларына тийкарланып 575 кем тәмийинленген социаллық мүтәж шаңарақларға үш ай мүддетке бириктириў жумыслары алып барылды ҳәм нәтийжеде 78 исбилерменлик субъектлери, соннан 9 қурылыс кәрханалары ҳәм 194 фермер хожалықлары бийғәрез жәрдем көрсетиўге таяр екенликлерин билдирди.
Усындай кәрханалардан айтып өтетуғын болсақ «Тайымбет» фермер хожалығы 10 шаңараққа 15 миллион сумлық, «Қаҳарман-тахта» фермер хожалығы 10 шаңараққа 15 миллион сумлық, «Тораңғыл сай» фермер хожалығы 5 шаңараққа 10 миллион сумлық азық-аўқатлық өнимлери , «Гафур тахта» ҳәм «Атанияз Султан» фермер хожалықлары 2 шаңараққа 2 бас қарамал берип бийғәрез жәрдем көрсеткенлигин айтып өтиўимиз зәрүр.
Сондай-ақ, усы күнге шекем исбилерменлик субъектлери ҳәм шөлкемлер тәрепинен райондағы жәми 666 шаңарақларға 3,7 тонна ун, 4 тонна гүриш, 3,1 тонна картошка, 1,5 тонна пияз, 1,5 тонна гешир, 4500 дана мәйек ҳәм тағы басқа да азық-аўқат өнимлери берилген.
Буннан басқа 7 кем тәмийинленген шаңарақлардың коммунал төлемлери ушын қәўендерлер тәрепинен 3 миллион мың сум муғдарында жәрдемлер көрсетилди.
Сессияда көрилген мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.