Siyosat «COVID-19» КОРОНАВИРУС ИНФЕКЦИЯСЫ ТАРҚАЛЫЎЫ

«COVID-19» КОРОНАВИРУС ИНФЕКЦИЯСЫ ТАРҚАЛЫЎЫ

0
«COVID-19» КОРОНАВИРУС ИНФЕКЦИЯСЫ ТАРҚАЛЫЎЫ

Ҳәммемизге белгили 2019-жылдың декабрь айының орталарында Қытай мәмлекетинде жабайы ҳайўан ҳәм теңиз ҳайўанларын сатыўшыларының бир топарында өткир дем алыў жоллары кеселликлери, гриппке уқсас белгилери менен наўқаслар анықланып, кейин бул кеселликтиң раўажланыўы нәтийжесинде бир неше мәмлекетлерге бул кеселлик кең тарқалып кеткен еди.

Бул кеселлик ҳәзирги ўақытта тез тарқалмақта. Усы жылдың 1-апрель ҳалатына  бул коронавирус кеселлиги 190  нан аслам мәмлекетке тарқалған болып, соннан  наўқасланғанлар саны-855007, өмирден көз жумғанлар саны-42032 ҳәм 177857 наўқас бул кеселликтен саўалғаны анықланды.

Усы жылы 11-март күни Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми усы коронавирус инфекциясына қарсы пандемия, деп дағазалады. Тилекке қарсы елимизде де усы кеселлик анықланды, бул кеселлик пенен аўырғанлардың саны ҳәзирги ўақытта, яғный 2-апрельде  190 адамды қурады. Коронавирус кеселлиги анықланған наўқаслар ҳәм олар менен байланыста болғанлардың ҳәммеси анықланып,  басқаларға жуқпайтуғын арнаўлы орынларда емленбекте. Мәмлекетимизде коронавирус инфекциясы кеңнен тарқалып кетпеўи ушын ҳәм оның алдын алыў бойынша Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми усыныслары тийкарында қатаң илажлар көрилмекте.

Коронавирус кеселлигиниң тарқалыўының алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында айрықша мәжилис болып өтти. Онда бир қатар илажлар белгиленди. Мәмлекетимиздеги барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм жоқары оқыў орынларына усы жылдың 16-март күнинен баслап дем алыс берилди. Наўрыз улыўма халық байрамы сейиллери бийкар етилди, басқа да адамлар көп топланатуғын той-мерекелер тоқтатылды. Буннан тысқары Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлер менен авиа, поезд ҳәм автомобиль қатнаўы тоқтатылды. Елимиздиң пуқаралары сырт еллерге шығыўы ҳәм сырт ел пуқараларының мәмлекетимизге кириўи қадаған етилди. Кеселликтиң республикамызға тарқалыўының алдын алыў мақсетинде шет елден келген өзимиздиң пуқараларымыз 14 күнлик карантинге алынбақта, себеби бул 2 күннен 14 күнге шекем  кеселликтиң жасырын дәўири болып есапланады.

Ҳәзирги карантин ўақтында ҳәр биримиз усы карантин илажларын толық сақлаўымыз, бийкардан-бийкарға көшеге шықпаўымыз керек. Усы карантин қағыйдаларын бузган адамлар ушын мәмлекетимиз тәрепинен қатаң шаралар қолланылыўы нызам түринде белгиленген. Ҳәзирги ўақытта, азық-аўқат өнимлери қытшылық болады, деген ғәўесет сөзлер халықтың арасында кең тарқалған, бул қәте түсиник. Ҳүкимет карантин ўақтында азық-аўқат өнимлериниң баҳасын тийкарсыз көтериў жағдайларына қарсы қатаң шаралар көрилмекте. Аўысық азық-аўқат қоры жетерли дәрежеде.

Коронавирус инфекциясының тарқалыўының алдын алыў бойынша қысқа усыныслар:

1.Көшеге ямаса жумысқа шыққанда маска тағыўымыз шәрт.

2.Сәлемлескенде қол берип ҳәм қушақласып көрисиўден бас тартың.

3.Адамлар көп жыйналатуғын жәмийетлик орынларға барыўдан өзиңизди тыйың.

4.Жөтелгенде ямаса түшкиргенде бүгилген шығанақ ямаса салфетка менен аўыз, мурынды басыў керек.Соң пайдаланылған салфетканы тасландық қутысына таслаң.

5.Қолларыңызды  сабын менен тез-тез жуўып турың.

6.Көпшилик пайдаланатуғын затларды услағанда қолды антисептик еритпелер менен дезинфекция етиў керек.

7.Базарда ямаса дүканларда адамлардан 1,5 метрден кем болмаған ара қашықлықты сақлаў керек.

8.Үйдеги бөлмелерди турақлы түрде тез-тезден самаллатып турың.

9.Тымаў ҳәм грипп белгилери бар адамлар менен байланыста болмаң.

Ҳәммемиз жоқарыда келтирилген усынысларға толық әмел етип, өзимизди ҳәм жақынларымыздың денсаўлығына итибарлы болайық. Биз, медицина хызметкерлери ҳәзирги жағдайда ҳәммеге өрнек болыўымыз керек.

 

Батыр АЙТЕКОВ

Жоқары категориялы хирург-шыпакер,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты