ДҮНЬЯҒА ҚӘЎИП САЛҒАН КЕСЕЛЛИК
Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, Қытай Халық Республикасында коронавирустың жаңа типи эпидемиясы жүзеге келип, усы жылдың 24-март ҳалатына дүнья жүзинде 382214 адамда усы кеселлик анықланған. Соннан, бүгинге келип 16563 адам қайтыс болған. Қытайда 81 405 адам кеселленип, соннан 3277 си дүньядан көз жумған.
Қарақалпақстан Республикасы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының мағлыўматларына қарағанда, бүгинги күнде Өзбекстанда 50 адамда коронавирус инфекциясы анықланған.
Коронавирус семействосына киретуғын вируслардың тек жетеўи адамға жуғыўы мүмкин. Инфекция орташа шамаллаўдан өлимге шекем алып келиўи мүмкин болған аўыр өткир респираторлық синдромды шақырады. Тийкарғы инфекция дәреги жабайы ҳәм үй ҳайўанлары, наўқас адам есапланады. Жуғыў жолы ҳаўа – тамшы. Адамнан адамға жуғады.
Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен 2020-жылдың 11-март күни усы кеселлик дүнья бойлап тез тарқалып атырғанлығы себепли, оның «пандемия» жағдайы екенлиги жәрияланды.
Мине усы жағдайдың алдын алыўда Тахтакөпир районлық санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы хызметкерлери тәрепинен дерлик ҳәр күни жәмийетлик орынларда дезинфекциялаў жумыслары алып барылып атыр.
Бийбижамал КЕҢЕСБАЕВА