ПАНДЕМИЯ ДƏЎИРИНДЕ ЖЕҢИЛЛИКЛЕР ЖАРАТЫЛДЫ
Салық жеңилликлери
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 19-марттағы «Коронавирус пандемиясы ҳəм глобал кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тəсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы ПП-5969-санлы Пəрманы қабыл етилди.
Пəрман менен коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў, макроэкономикалық турақлылықты, экономика тармақлары ҳəм тараўларының үзликсиз ислеўин тəмийинлеў, сыртқы саўда жумысларын хошаметлеў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, дəраматларының төменлеп кетиўиниң алдын алыў мақсетинде исбилерменлик субъектлерине пандемия дəўиринде жеңилликлер жаратылды.
Жоқарыдағы мақсетлерди есапқа алып, 10 триллион сўм муғдарында Кризиске қарсы гүресиў фонды шөлкемлестирилди ҳәм фондтың тийкарғы ўазыйпалары тастыйықланды. Атап айтқанда, исбилерменликти ҳəм халықтың бəнтлигин қоллап-қуўатлаў бойынша Киши бизнес ҳəм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги жанындағы Исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мəмлекетлик фонды тəрепинен, биринши нəўбетте, социаллық əҳмийетке ийе тутыныў товарларын ислеп шығарыў, сатып алыў ҳəм сатыў ушын берилген кредитлер бойынша пайыз қəрежетлерин қаплаўға кепиллик ҳəмде компенсация усыныўды кеңейтиў,
республика аймақларында экономикалық жеделликти ҳəм бəнтликти кеңейтиўге қаратылған қосымша инфраструктура проектлерин əмелге асырыў, сондай-ақ, ең дəслеп, киши санаат зоналарында инженерлик коммуникацияларын қурыў белгиленген.
Пәрман менен исбилерменлер ушын төмендеги салық жеңилликлери берилди:
2020-жыл 1-апрельден 1-октябрьге шекем болған дəўирде;
жеке тəртиптеги исбилерменлер ушын социаллық салығы, айлық ең кем суммасы базалық есаплаў муғдарының 50 пайызына шекем;
алкоголь өнимлериниң көтере саўдасы менен шуғылланыўшы кəрханалардың ажыратпалары муғдары 5 пайыздан 3 пайызға;
улыўма аўқатланыў кəрханалары ушын алкоголь өнимлерин усақлап сатыў ҳуқықы ушын жыйымлар муғдары белгиленген муғдарлардан 25 пайызға кемейтиледи;
2020-жыл 1-апрельден 1-июльға шекем болған дəўирде туристлик (мийманхана) жыйымын есаплаў ҳəм төлеў тоқтатылады;
Аўыл хожалығындағы жерлерди суўғарыў ушын пайдаланылған көлемлер бойынша суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық ставкалары 2020-жылда орнатылған ставкалардан 50 пайызға кемейтиледи;
2019-жыл ушын физикалық шахслардың жəми жыллық дəраматлары ҳаққындағы декларацияны усыныў мүддети 2020-жыл 1-августқа шекем;
физикалық шахслардың мал-мүлк салығы ҳəм жер салығын төлеў мүд- дети 2020-жыл 15-октябрьге шекем узайтылады.
Өзбекстан Республикасы Салық кодексине муўапық, жергиликли мəмлекетлик ҳəкимият органларына тийисли салықларды төлеў мүддетлерин өзгертиў, сондай-ақ, олардың ставкаларын кемейттириў ҳаққында шешим қабыл етиў ўəкиллиги берилди.
Жергиликли мəмлекетлик ҳəкимият органлары хожалық жүргизиўши субъектлерге мал-мүлк салығы, жер салығы ҳəм суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салықты төлеў бойынша пайызлар өндирместен 6 айға кешиктирип (бөлип- бөлип) төлеўди усыныс етеди.
Соның менен бирге 2020-жыл 1-октябрьге шекем, сыртқы саўда операциялары бойынша мүддети өткен дебитор қарыздарлық ушын хожалық жүргизиўши субъектке жәрийма қоллаў тоқтатылады;
ўақытша қыйыншылықларды бастан кеширип атырған хожалық жүргизиўши субъектлерге мал-мүлк салығы, жер салығы ҳəм суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық бойынша пенялар есаплаўды тоқтатып турады, сондай-ақ, салық қарызын мəжбүрий өндириў шараларын көрмейди;
2021-жыл 1-январьға шекем исбилерменлик субъектлериниң жумысларын салық аудитинен өткериў тоқтатылады.
Бажыхана жеңилликлери
Есабат жылында əмелге асырылған товарлардың улыўма экспортқа қатнасы 10 пайыздан аспаған мүддети өткен дебитор қарыздарлығы бар болған жағдайда, кепилленген төлеўди тəмийинлеместен, товарлар экспортын əмелге асырыў;
2020-жыл даўамында сыртқы саўда операциялары бойынша мүддети өткен дебитор қарыздарлығын сөндириў нəтийжесинде, технологиялық əсбап-үскенелер ҳəм шийки-зат товарларын импорт етиў бойынша бир мəртелик операцияларды əмелге асырыўға рухсат берилди;
2020-жыл 1-апрельден импорт азық-аўқатларды алып кириўде ТЕЗКОР БАЖЫХАНА рәсмийлестириў механизми еңгизиледи;
2020-жыл 1-октябрьге дейин аймақларда ҳәм тармақларда экспорт потенциалын раўажландырыў мәселелери бойынша республика комиссиясына Экспорт етиўшиниң транспорт қәрежетлериниң бир бөлегин компенсация етиў ушын субсидия бериў ҳаққында ғәрезсиз қарар қабыл етиў ҳуқықы бериледи.
Рашид ДАНЕҒУЛОВ
Райондағы Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы баслығы