Ma'daniyat БӘҲӘРГЕ ҮНЛЕС АНАЛАР БАЙРАМЫ

БӘҲӘРГЕ ҮНЛЕС АНАЛАР БАЙРАМЫ

0
БӘҲӘРГЕ  ҮНЛЕС  АНАЛАР  БАЙРАМЫ

Бәҳәрдиң ҳаял-қызлар  байрамы менен басланыўы да тегиннен емес. Өйткени, 8-март байрамы қарсаңында  үлкемизге бәҳәр паслы енип, қыс суўығы тәбиятты  тәрк етип баслаўы менен бирге инсанлардың кеўлинде өзгеше кейпият, қызларымыз бенен аналарымыздың жүзлериндеги шадлық ана тәбияттың ояныўы менен үнлес болып келеди.

Ҳәр бир тараўда өзиниң белгили дәрежеде орны бар бизиң  районымыздың белсенди ҳаял-қызлары  ҳәр қашанғыдай байрам мүнәсибети менен бүгин де иззетте. Себеби, олар ҳәр бир шаңарақтың гүли, жәмийеттиң де  жүгин қоса тартып жүрген өз кәсибиниң пидайылары,  бири медицинадан болса, бири билимлендириўден  және бири аўыл хожалығы тараўының жанкүйерлери.

Район орайындағы «Мухаммед-Тахта» тойханасында өткерилген байрам илажында район ҳәкими Жамбул Адилов ҳаял-қызларды байрам менен қутлықлап, олардың жәмийеттеги бийбаҳа орнын атап өтти. Айрықша мийнети бар ҳаял-қызлар ҳәкимликтиң “Ҳүрмет жарлығы” ҳәм саўғалары менен сыйлықланды. Орынлардағы кәсиплик аўқамлар да өз тараўының ҳаял-қызларын саўғалар менен хошаметледи.

Байрам кешеси бир кесе шай үстинде йошлы қосықлар, аяқ ойынлар менен кеўилли даўам етти.

Гүлнара БЕГДУЛЛАЕВА