Siyosat ТАХТАКӨПИР-БИЗ ТУЎЫЛFАН МӘКАН БУЛ!

ТАХТАКӨПИР-БИЗ ТУЎЫЛFАН МӘКАН БУЛ!

0
ТАХТАКӨПИР-БИЗ ТУЎЫЛFАН МӘКАН БУЛ!

Әдеттегидей азанғы ўақыт жумыс жайыма шығар екенмен, ҳәр күни  көше бойларында өзгерислер болып, адамлардың қыстың соңғы күнлери болыўына қарамастан кими жол бойларын ислесе, кими шаңарақларға оңлаў жумысларын баслап жибергенине көзим түседи. Мәденият бөлими имаратына  болса үлкен оңлаў жумыслары кетип атыр. Ҳәр сапары қурылыс көрсем ерксиз балалығымды еслеймен...

Баслаўыш билимди пайтахттағы мектеплердиң биринде алдым. Класста Меригүл деген достым бар еди. Бала емеспиз бе, аэропорттың жанында жайласқан үйлеримизден шығып 4 қабатлы мектебимизге келгенше жол бойындағы имаратларды көрсетип, «мыналарды бизиң ағам салған» деген гәпин қайталаўдан жалықпайтуғын еди. Мектебимиздиң жанында асты дүкән, үстиңги қабатында Гүлбәҳәр деген достымыз жасайтуғын, төбесине «Юбилейная» деген үлкен жазыў қыстырылған көп қабатлы имаратқа барсақ та сол сөз. Оны да Меригүлдиң ағасы салған. Еле ядымнан шықпайды, Меригүлдиң ағасы салған жайлар Нөкисте көп еди.

Бизиң Тахтакөпирде жоқарыда айтып өткенимдей қыстың қыраўлы күнлери көплеген қурылысларға тийкар салынып баслады. Жоллар кеңейип атыр. Себеби, халық саны артып, жолларда ҳәрекет етиўши көликлер көбейип, олардың емин еркин қозғалыўы ушын ески жоллар тарлық етеди. әтирапымызға нәзер салсақ, қоңсы районлардағы усындай өзгерислерди көрип көзимиз қызығатуғын еди. Биз қашан усындай заманагөй, кең жолларға ерисемиз, бизде қашан жаңа қурылыслар болады, бул ҳәр бир тахтакөпирлиниң кеўлинде жүрген сораўы болса керек, деп ойлайман.

Интернет арқалы қазақстанлы дослардан видео келди. Бир ЕРКЕК адам автовокзалдан баслап Мақпалкөл хожалығына бурылмаға шекемги аралықты телефоны арқалы видеоға алып келген. Жоллар кеңейтилиўи ушын жол бойына топырақ төгилген, жап-салмалар көмилген, қулласы үйимизде бир бөлмемизге ремонт ислейтуғын болсақ қандай жайрап қаламыз, жоллардың ҳәзирги көриниси де сол тақылетте. Қала берди байланыс бөлими, газ шақапшасы, электр энергиясы, ишимлик суў тармағы, бәри-бәри ескилерин өзгертип, жаңаларына аўыстырыўы, жаңа асфальт жолдың келешекте және бузылмаўы ушын өз ўазыйпаларын атқарыўы керек. Гәптиң тоқ етери, усындай көринислерди видеоға алған жигит «Мына қараң, Тахтакөпир пыт-шыт болып атыр» деп сөйленеди адам жоқ жерлерде, ал жумысшылардың қасына барып қалса, «Мине, адамлар баса-бас жумыс ислеп атыр» деп те қояды. Ол сырттан келген адам емес, өзимиздиң аўылдан, жаңадан қурылыс жумыслары, жаңаланыўлар кетип атырған район турғынынан басқа ҳеш ким емес. Мен не ушын еркек атын үлкен ҳәриплер менен жаздым? Күйгеннен күй шығады, демей ме, ата-бабаларымыз?! Районымыздың келешеги, заманагөй, шырайлы болып жасаў ушын ҳәр бир азамат пенен азаматша ат салысып атырған бир пайытта, тырнақ астынан кир излеп жүриў еркектиң иси емес, дегим келеди сол жигитке.

Бир достым саўда менен шуғылланады. Өзи көбинесе сыртта саўдада жүргенликтен үйине, балаларына қараў ушын пул менен қыз-келиншеклерди жумсайды. Үйине гезектеги шақырығымыз ушын қонақ болып барғанымызда жәрдемши қызы көринбеди. «Бир айлық жумысқа бараман деп кетип қалды» дейди достымыз ол қыздан қапа болып. Демек, адамларға бир айлық болса да жумыс керек. Биз районлық бәнтликке көмеклесиў орайына бул бойынша қызығып сораў бергенимизде, бүгинги күнде шәртнама бойынша бес жүзге жақын пуқаралар үш айлық жумыс пенен тәмийинленгенин айтты.  

Жоллар кеңейиўи менен бирге неше жыллық тереклер шаўылды. Булай етпесе де болмайды. Себеби, төрт полосалы жол түсиўи ушын тереклер алыныўы керек. Жас терек нәллери болса көширип отырғызылды. Мың орынлық стадионның, мәмлекетлик хызметлер орайының имараты, 120 орынлық екинши санлы ҳәм Мүйтен аўылда 90 орынлық мектепке шекемги билимлендириў мекемелериниң, бәнтликке көмеклесиў орайының, район ҳәкимияты жанынан 270 орынлық мәжилис залы имаратларының қурылыс жумыслары басланып кетти. Районлық мәденият орайы имаратына ири реконструкция, 3-6-санлы улыўма билим бериў мектеплерине капитал оңлаў жумыслары алып барылады. Булардың барлығы бизиң районымызда жасаўшы халықтың мәпи ушын, бизиң перзентлеримиздиң келешеги ушын исленип атырған ғамхорлықлар.

Басланып атырған қурылысларда аўыллас жигитлеримиздиң қаншама мийнети бар. Мениң Меригүл достымдай келешекте олардың  перзентлери де, «мына қурылысты мениң ағам салған, яки атам салған» деп мақтанып жүрсе арзымай ма?!

Туўылған жеримиздиң ҳәр бир қарысының гөззаллығы, абаданлығы ушын ҳәр биримиз үлес қосайық! Себеби, бул жер сениң де мениң де, яки перзентиңниң, ата-анаңның, ата-бабамыздың киндик қаны тамған мәканы. Туўылған жерден наразы болыў, мийнет етпеў,оны ҳүрмет етпеў-мәрттиң иси емес!

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА