Siyosat РАЙОН ЖАСЛАРЫНЫҢ АРАЛ БОЙЫНДАFЫ МИЙНЕТИ

РАЙОН ЖАСЛАРЫНЫҢ АРАЛ БОЙЫНДАFЫ МИЙНЕТИ

0
РАЙОН ЖАСЛАРЫНЫҢ  АРАЛ БОЙЫНДАFЫ МИЙНЕТИ

Сол күни тахтакөпирли жаслар ушын жүдә заўықлы басланды. Таңғы саат төртте билегинде күши, жүрегинде оты бар бир топар белсенди жаслар менен толы еки автобус Мойнақ районына қарай жолға шыққан еди.

Арал машқаласы тек ғана Өзбекстанды ямаса Орайлық Азия мәмлекетлерин емес, ал пүткил дүнья жүзин тәшўишке салып турған әҳмийетли машқалалардан бирине айланды.

Соңғы жылларда Президентимиз басламасы менен Арал теңизиниң қурыған ултанында сексеўил егиў жумыслары алып барылды. Бул ийгиликли иске тек республикамыздан ғана емес, ал, елимиздиң барлық ўәлаятларынан көмекшилер қатнаспақта.

Мине, бул күни де Мойнақ районында республикамыздың қала ҳәм районлары, жоқары оқыў орынлары менен бирге ўәлаятлардан келген жаслар қатнасыўында экологиялық акция өткерилди.

Арал бойын көклемзарластырыў мақсетинде шөлкемлестирилген акцияға тахтакөпирли жаслар барып, абаданластырыў ҳәм нәл отырғызыў жумысларын орынлап қайтты.

 

Гүлнара БЕГДУЛЛАЕВА