Siyosat ПУҚАРАЛАРFА ЖАРАТЫЛFАН ҚОЛАЙЛЫҚЛАР

ПУҚАРАЛАРFА ЖАРАТЫЛFАН ҚОЛАЙЛЫҚЛАР

0
ПУҚАРАЛАРFА ЖАРАТЫЛFАН ҚОЛАЙЛЫҚЛАР

Пуқаралар ушын және бир қолайлық-Мәмлекетлик медицина мекемелери тәрепинен пуқараларға мағлыўматнамалар бериў тәртиби әпиўайыластырылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 10-январь күни “Мәмлекетлик медицина мекемелери тәрепинен пуқараларға мағлыўматнамалар бериў тәртибин әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы 18-санлы қарары қабыл етилип, қарардың 1-қосымшасы менен пуқаралардың Руўхый кеселликлер бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы ҳаққында мағлыўматнама бериў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти ҳәм 2-қосымшасы менен пуқаралардың Наркология диспансери есабында турыўы яки турмаслығы ҳаққында мағлыўматнама бериў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

2020-жыл 1-апрельден баслап пуқаралар Руўхый кеселликлер бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы ҳаққында мағлыўматнама ҳәм Наркология диспансери есабында турыўы яки турмаслығы ҳаққында мағлыўматнама алыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына тек ғана пуқаралық паспорты менен келип, яки Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан дизимнен өткен ҳалда электрон тәризде мүрәжат етеди (егер үшинши шахслар мәпи ушын ҳәрекет еткенде нотариал тастыйықланған исеним хат қосымша етиледи) ҳәм реал ўақыт режиминде мағлыўматнама алады. Хызметтен пайдаланғанлығы ушын базалық есаплаў ставкасының 2,0 пайызы муғдарында төлем өндириледи.

 

Т.Жусипов

Районлық  Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнигеси