Siyosat КЕЛЕШЕК ЖАСЛАРДЫҢ ҚОЛЫНДА

КЕЛЕШЕК ЖАСЛАРДЫҢ ҚОЛЫНДА

0
КЕЛЕШЕК ЖАСЛАРДЫҢ ҚОЛЫНДА

Районда сектор баслықларының жаслар менен ушырасыўлары даўам етпекте. Район ҳәкими, 1-сектор баслығы  Ж.Адилов районның белсенди жаслары менен ушырасыўында Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған мүрәжатиниң жаслар турмысында әҳмийетин түсиндирип, район жасларына берилип атырған итибар, жасларды еле де исбилерменликке тартыў, олардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеўдиң әҳмийети ҳаққында айтып өтти.

Жаслар елимиздеги ҳәр бир адымда болып атырған жаңаланыўлардан, соның ишинде Тахтакөпир районындағы жаңалықлардан хабардар болыўы керек,-деди район ҳәкими. Районымызда  20 дан аслам орынларда қурылыс жумыслары алып барылады, 1-2-3-6-9-санлы мектеплерге ремонт жумыслары исленеди, 8-санлы мектепке қосымша 40 орынлық баслаўыш мектеп салынады.  Булардың бәри келешегимиз болған жаслардың заманагөй мектеплерде билим алыўы ушын мүмкиншиликлерден бири. «Жаслар келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде өткен жылы  жаслардың 5 бизнес жойбарлары мәнзилли дизимге киргизилип, 690 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер ажыратылды ҳәм 18 жаңа жумыс орынлары жаратылды. Ал, быйылғы жылы мәнзилли дизимге киргизилген жаслардың саны 13 ке жетти. Оларға 3 миллиард 485 миллион сум жеңиллетилген кредитлер ажыратылыўы арқалы 72 жаңа жумыс орынлары жаратылыўы режелестирилген.

Район ҳәкими буннан да басқа жаслардыңалдағы ўазыйпалары, исбилерменликке  қызығыўшы жаслар болса қоллап-қуўатланатуғынын атап өтти. Жаслар өз гезегинде өзлерин қызықтырып жүрген сораўлары менен мүрәжат етти.

Райондағы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде  жаслар менен район прокуроры, 2-сектор баслығы П.Халмуратовтыңушырасыўы болып өтти.

Сектор баслығы тәрепинен аймақтағы ҳәр бир мектепте, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында жаслар менен оннан аслам ушырасыўлар өткерилип,  мыңнан аслам жаслардың усыныслары менен машқалалары және басқа мүрәжатлары тыңланып, имканы барынша орнында шешилген. Жаслардың бәнтлигине көмеклесиў, кәсип-өнерге бағдарлаў, исбилерменлик, фермерлик, өнерментшиликке  үйретиў ҳәм жаслар миграциясын дурыс жолға қойыў мақсетинде сектор кесиминде «Жол картасы» ислеп шығылған. Исши топарлар дүзилип, аймақтағы жумыссыз жаслар саны анықланды.  Болып өткен прокурор ҳәм жаслар ушырасыўында 200 ге жақын бәнтлиги тәмийинленбеген жаслар қатнасып, өзлерин қызықтырған сораўлар ҳәм ҳәр түрли машқалалары менен мүрәжат етти.

Жаслардан ҳәр түрли мазмунда 10 мүрәжат келип түсип, соннан 3 мүрәжат орнында шешимин таўды, 7 мүрәжат ийелерине түсиниклер берилди. Айдын жол мәкан пуқаралар жыйынынан С.Қурбаниязованың кредит алыўға әмелий жәрдем сораған мүрәжаты Халық банк АК Тахтакөпир районлық филиалы менен биргеликте үйренип шығылды ҳәм 10 миллион сум муғдарында кредит ажыратыў ушын ҳүжжетлери қабылланды.

Усы күни жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди, онда 17 мекеме бос жумыс орынлары менен қатнасты. Сол жерде 15 жастың бәнтлиги тәмийинленди ҳәм февраль айында жумыссыз 104 жаслар мәўсимлик жәмийетлик жумысларға орналасты.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА