Siyosat АЛИМЕНТ ТӨЛЕЎДЕГИ ӨЗГЕРИСЛЕР

АЛИМЕНТ ТӨЛЕЎДЕГИ ӨЗГЕРИСЛЕР

0
АЛИМЕНТ ТӨЛЕЎДЕГИ ӨЗГЕРИСЛЕР

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 47-статьясына муўапық материаллық жәрдемге мүтәж болған жасына толмаған яки мийнетке жарамсыз шахсты материаллық тәмийинлеўден мойын таўлаў, яғный оларды материаллық жақтан  тәмийинлеў ушын судтың жуўмақ шығарыў қарарына яки суд  бийлигине тийкарланып өндирилиўи керек болған напақаны 2 айдан артық мүддет даўамында төлемеген жағдайда 15 күн мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға яки ҳәкимшилик қамақ қолланылыўы мүмкин болмаған шахсларға ең кем ис ҳақының 20 есеси муғдарында жәриймаға себеп болатуғынлығы;

сондай-ақ, Нызам менен жынаят кодексиниң 122-статьясына өзгерис киргизилген болып, буннан былай усындай қылмысы ушын ҳәкимшилик жаза қолланғаннан кейин алимент төлеўге мәжбүр шахслар 2 ай даўамында алимент төлеўден мойын таўласа 2 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў яки 1 жылға шекем азатлықтан айырыў жазасы менен жазаланатуғыны көрсетилген.

Өз нәўбетинде, алиментти бала жасына толғанға шекем көшер ҳәм көшпес мүлк ямаса мал-мүлк яки басқа қымбатлы затлар бериў арқалы бир тәреплеме төлеўи мүмкин. Алимент алдын ала төленген яки гиреў шәртнамасы дүзилген жағдайларда, усы пуқараға республикадан сыртқа шығыў ҳаққындағы тосқынлық (егер тосқынлық қойылған болса) алып тасланады. Буған гиреў суммасы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ең кем ис ҳақының еки жүз елиў есесинен кем болмаслығы белгилеп қойылған.

М.БЕРДИМУРАТОВ

Мәжбүрий орынлаў бюросы  районлық бөлими излеў бойынша аға инспекторы