Siyosat ЖАҢА ТӘРТИП БЕЛГИЛЕНДИ

ЖАҢА ТӘРТИП БЕЛГИЛЕНДИ

0
ЖАҢА ТӘРТИП БЕЛГИЛЕНДИ

Ҳүкимет қарары (911-сан, 16.11.2021 жер участкасында жайласқан көшпес мүлк объектлери мүлкдарларына компенсация бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Онда:

Жер участкасын алып қойыўға зәрүрлик туўылғанда биринши нәўбетте ҳәкимлик ямаса инвестор ҳәм мүлкдарлар арасында ғалаба хабар қураллары қатнасында ашық сөйлесиўлер өткериледи;

Ҳәкимшилик инвестор тәрепинен дәслепки есап-китаплар әмелге асырылады. Сондай-ақ, компенсация бериў ушын жетерли ресурслар бар екенлиги үйрениледи;

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары Кеңеслери тәрепинен жер участкасы алып қойылыўындағы пайда ҳәм қәрежетлер үйренип шығылады, ресурслар жетерли болғанында ҳәм пайда ҳәм қәрежетлерден үстин келген жағдайда жер участкасын алып қойыў ҳаққындағы қарар қабыл етиледи. Ҳәкимликлер жер участкасын алып қойыў ҳаққындағы қарар қабыл етиўге ўәкилликли емес;

Алып қойылыўы режелестирилип атырған жер участкасындағы көшпес мүлклер баҳалаўшы шөлкем тәрепинен баҳаланады;

Ҳәкимлик ямаса инвестор ҳәм мүлкдарлар ортасында компенсация түри, муғдары ҳәм бериў мүддети келисиледи ҳәм усы келисим нотариал тәртипте тастыйықланады;

Ҳәкимлик ямаса инвестор тәрепинен мүлкдарларға компенсация бериў жумыслары әмелге асырылады.

Келисилген компенсация берилмегенше көшпес мүлклер бузып тасланыўына жол қойылмайды.

Мүлкдарларға келисилген компенсация берилгенинен соң:

Мүлкдар тәрепинен көшпес мүлк босатып бериледи;

Ҳәкимликлер тәрепинен көшпес мүлкти бузып таслаў ҳаққындағы қарар жойбары әдиллик уйымларына жуўмақ алыў ушын жибериледи;

Әдиллик уйымлары компенсация берилгенлиги, үй-жайлар әмелде толық босатылғанлығы ҳәм басқа жағдайларды үйренеди ҳәм өз жуўмағын ҳәкимликлерге усынады;

Әдиллик уйымларының жуўмағы унамлы болған жағдайда ғана көшпес мүлкти бузып таслаў ҳаққындағы қарар қабыл етиледи.

Алып қойылатуғын жер участкасында жайласқан көшпес мүлк  объектлерин басқа шахсқа өткериўге Келисимге қол қойылғаннан соң басламашының жазба разылық хаты бар болған жағдайда ямаса Келисим (Келисимде нәзерде тутылған тәртипте, тәреплердиң разылығы менен ямаса суд тәртибинде) бийкар етилген жағдайларда жол қойылады.

Бузып тасланатуғын көшпес мүлк объектин сатып алған мүлкдар усы Режеге муўапық дүзилген Келисимнен келип шығыўшы алдыңғы мүлкдардың ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары бойынша ҳуқықый мийрас есапланады.

Жер участкалары алып қойылыўы, көшпес мүлк объектлерин бузып таслаў, пуқараларды көшириў, сондай-ақ, компенсациялар бериўде нызам талаплары орынланыўын қадағалаў прокуратура уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.

Усы тәртип 2020-жыл 1-январьдан баслап күшке киреди.

Еслетип өтемиз, жер участкасын алып қойыў тәртибин бузғанлығы ушын, сондай-ақ, усы тәртипти бузыў нәтийжесинде көшпес мүлкке зыян келтиргенлиги ушын ҳәкимшилик  жуўапкершиликти күшейтиў ҳәм жынайый жуўапкершилик белгилеў бойынша нызам жойбары ислеп шығылған.

Рустем ҚУРБАНОВ

Районлық әдиллик бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси