Siyosat «ТАЗА АЙМАҚ»-ХАЛЫҚ ХЫЗМЕТИНДЕ

«ТАЗА АЙМАҚ»-ХАЛЫҚ ХЫЗМЕТИНДЕ

0
«ТАЗА АЙМАҚ»-ХАЛЫҚ ХЫЗМЕТИНДЕ

Саламатлық-денсаўлықтың гиреўи. Азадалық бар жерде денсаўлық болады. Турмысымызға енип ҳәр бир көше бойынан, шаңарақлардан шыққан шығындыларды өз ўақтында алып кетип атырған «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасының атқарып атырған хызметлери гиреўли.

Районда бүгинги күнде 42 орында шығынды таслаў пунктлери, 8 орында контейнерлер болып, кәрхана филиалына қараслы 3 шығынды тасыўшы, 1 жүк тасыўшы, 1 суйық шығындыларды тазалаўшы ассенизатор ISUZU автомашиналары ҳәм 1 бульдозер халықтың хызметинде.

Райондағы «Қараой» АПЖ аймағына қараслы бурынғы емлеўхана имараты 2017-жылы «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасы  филиалына берилген еди. Филиал имараты ушын 332 миллион сум қаржы ажыратылып, оңлаў жумыслары жуўмақланды. Имараттың ашылыў салтанаты болып өтти. Сөзге шыққан район ҳәкиминиң  санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Данияр Жумабаев, аўыл ақсақалы Тажетдин Нуратдинов ҳәм тағы басқалар филиал имаратының ашылыўы менен қутлықлады ҳәм жәмәәттиң жумысларында табыслар тиледи. 

Район орайынан 6,4 км. қашықлықта «Қаратерең» АПЖға қараслы улыўма майданы 6 гектар шығынды таслаў орны (полигон) филиалға берилген. Бүгинги күнде полигон имараты қурылысы жуўмақланыў алдында.

Посёлкалық, аўыллық, мәкан пуқаралар жыйынлары менен шәртнамалар дүзилген. «Тахтакөпир» ППЖ аймағындағы 960 хожалықтан 4441  адамға, «Fәрезсизлик» МПЖ аймағындағы 706 хожалықтан 3245 адамға, «Айдын жол» МПЖ  аймағындағы 634 хожалықтан 3137 адамға, «Дәўир» МПЖ аймағындағы 711 хожалықтан 3054 адамға, «Тахтакөпир» АПЖ аймағынан 304 хожалықтан 1503 адамға, «Атакөл» АПЖ аймағынан 223 хожалықтан 1214 адамға, «Қараой» АПЖ аймағынан 302 хожалықтан 1596 адамға, жәми 3840 хожалықтағы 18190 адамға хызмет көрсетеди.

Гүлнара ДӘЎЛЕТИЯРОВА