Siyosat ЖАСЛАР-КЕЛЕШЕК ҚУРЫЎШЫЛАРЫ

ЖАСЛАР-КЕЛЕШЕК ҚУРЫЎШЫЛАРЫ

0
ЖАСЛАР-КЕЛЕШЕК ҚУРЫЎШЫЛАРЫ

Бүгинги күнде ҳуқық тараўындағы бир қатар жедел дәрежедеги раўажланыўлар ҳәм әмелге асырылып атырған реформалар тек ғана елимиз турғынларын емес, бәлким дүнья кең жәмийетшилигин өзине қаратып атыр десек асыра айтпаған боламыз. Жәмийеттиң барлық тараўларын қамтыған ҳалда нызамшылықтағы реформалар, яғный, ол социаллық, экономикалық, сиясий яки басқа тараў болмасын өзиниң унамлы тәсирин тийгизбестен қалмайды. Бүгинги сөз етпекши болған усындай өзгерислерден бири-жаслар өмирине тиккелей байланыслы болған «Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы саналады. 

Өзбекстан Республикасының «Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаты ҳаққында»ғы Нызамы 2016-жылы 14-сентябрь күни қабыл етилген болып, бундағы тийкарғы мақсет жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. Усы орында Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаты дегенимиз не? Жаслар деп кимлерди айтамыз? Жас шаңарақ деп кимлер тән алынады? Жас қәнийге дегенимиз ким?  Жаслар исбилерменлиги дегенде нени түсинемиз? деген сораўлар келип шығыўы тәбийий.  Көпшиликти қызықтырған бул сораўларға толық жуўап бермекшимиз.

Демек, жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаты-мәмлекет тәрепинен әмелге асырылатуғын ҳәм жасларды социаллық тәрептен раўажландырыў, және олардың интеллектуал, дөретиўшилик тағы басқа бағдарлардағы дәрежесин әмелге асырыў ушын шәрт-шәраятлар жаратылыўын нәзерде тутатуғын социаллық-экономикалық, шөлкемлестириўшилик ҳәм ҳуқықый ис-илажлар системасы болып табылады.

Жаслар-он төрт жасқа толған ҳәм отыз жастан аспаған шахслар болып, нызамшылықта жас пуқаралар атамасында қолланылады. Себеби, 16 жасқа толып тийисли тәртипте пуқаралықты алғаннан соң отыз жасқа шекем жас пуқаралар атамасы менен де қолланылады. Сол тийкарда 30 жасқа толмаған ҳәр бир шаңарақ жас шаңарақ болып,  жоқарыдағы атап өткен нызамға тийкарланып ерли-зайыплының екеўи де отыз жастан аспаған шаңарақ яки перзент (бала) тәрбиялап, өсирип атырған отыз жастан аспаған  жалғыз әкеден ямаса анадан ибарат болған шаңарақ, сол тийкарда, некеден ажыралған ер адам яки ҳаял адам-жас шаңарақ деп есапланады.

Сондай-ақ, жас қәнийге дегенимиз-жоқары яки орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мекемесин питкерген, билимлендириў мекемесин питкергеннен соң билим алған  қәнийгелиги бойынша үш жыл ишинде жумысқа кирген ҳәм мағлыўматы ҳаққындағы ҳүжжетте көрсетилген тараўы бойынша ислеп атырған, отыз жастан аспаған хызметкерлер болып саналады.

Жаслар исбилерменлиги деп-юридикалық шахс пайда етпеген ҳалда жас пуқаралар тәрепинен, сондай-ақ шөлкемлестириўшилери жас пуқаралар бол­ған юридикалық шахслар тәрепинен әмелге асырылатуғын исбилерменлик искерлиги болып табылады.

 

Несип ҚӘЛИМБЕТОВ

Районлық әдиллик бөлиминиң баслығы