Siyosat СУД СИСТЕМАСЫН РЕФОРМАЛАСТЫРЫЎДЫҢ ЖАҢА БАСҚЫШЛАРЫ

СУД СИСТЕМАСЫН РЕФОРМАЛАСТЫРЫЎДЫҢ ЖАҢА БАСҚЫШЛАРЫ

0
СУД СИСТЕМАСЫН РЕФОРМАЛАСТЫРЫЎДЫҢ ЖАҢА БАСҚЫШЛАРЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-февральдағы «Өзбекстан Республикасы суд системасын түптен жетилистириў ҳәм хызмет сыпатын асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының қабыл етилиўи суд системасындағы ўазыйпаларды әмелге асырыўдағы әҳмийетли қәдем болып, бул тараўдағы мәмлекетлик  сиясатты жаңа басқышқа көтерди.

Соның менен бирге, пәрманда судьялар корпусын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Пәрманның 1-бәнти судьялар жәмийетиниң органы есапланып, Өзбекстанда суд ҳәкимияты бийғәрезлигиниң конституциялық принципине әмел етилиўин тәмийинлеўге көмеклесетуғын Судьялар Жоқарғы Кеңесин шөлкемлестириў белгилеп қойылды. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы судьяларды таңлаў ҳәм лаўазымларға усыныс етиў бойынша жоқары квалификация комиссиясы қысқартылып, оның 21 босатылған орынлаў аппараты штат бирлиги Кеңеске өткерилди.

Судьялар Жоқарғы Кеңесиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм оның алдына суд системасын шын мәнисинде жан күйер ҳәм өз кәсибин шын кеўилден жақсы көретуғын судьялар корпусын раўажландырыў, сондай-ақ, суд системасын және де жетилистириў жолында айрықша әҳмийетке ийе болған басқа ўазыйпалар қойылғаны, суд-ҳуқық тараўында алып барылып атырған реформалар жаңа басқышқа көтерилип атырғанлығынан дерек береди.

Пәрманның және бир әҳмийетли тәрепи-хожалық судлары экономика судларына айландырылды ҳәм жаңа ҳәкимшилик судлар шөлкемлестирилди. Усы ўақытқа шекем ҳәкимшилик ислер жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен көрилип, шешим қабыл етилетуғын еди. Жаңа тәртип бойынша экономикалық мәселелер биринши басқышта районлараралық, район (қала) экономикалық судлары тәрепинен көрип шығылады. Бул Пәрман менен экономикалық ислерди биринши инстанцияда көрип шығыўға тийисли болған 71 районларара, район(қала) экономикалық суды шөлкемлестирилди. Алдын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық хожалық судлары экономикалық мәселелерди биринши ҳәм аппеляция инстанциясы суды сыпатында көрилетуғын еди. Ендигиден былай алдыңғы раўажланған мәмлекетлерде болғанындай, журтымызда да биринши ҳәм аппеляция инстанциясында ислер айрықша инстанция сыпатында басқа судлар тәрепинен көрип шығылатуғын болды.

Жуўмақлап айтқанда, мәмлекетимизде алып барылып атырған суд-ҳуқық ҳәм реформалар барысы, суд системасында жүз берип атырған өзгерислер, алдын ала физикалық ҳәм юридикалық шахслардың бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерине суд арқалы нәтийжели қорғаўды тәмийинлеўге қаратылған.

Суд ҳәкимиятының шын мәнисинде бийғәрезлигине ерисиўи, ислерди көрип шығыўда әдил ҳәм нызамлы қарарлардың қабылланыўы, пуқаралардың суд системасына болған исениминиң беккемлениўи жәмийет раўажланыўының гиреўи болып табылады.

 

Жасурбек УРАЗБАЕВ

Жынаят ислери бойынша районлық суды баслығы