ЭКСПЕРТ ХЫЗМЕТТЕН ПАЙДАЛАНЫЎ ТәРТИБИ
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги пуқаралар ушын нәўбеттеги қолайлықты енгизди.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң 2019-жыл 11-июль күнги «Мәмлекетлик хызметлерди орынларға шыққан ҳалда көрсетиў (жеткерип бериў) бойынша пуллы экспресс-хызметлер көрсетиў тәртиби ҳаққында»ғы 187-ум-санлы буйрығы қабыл етилди. Буйрық пенен мәмлекетлик хызметлерди орынларға шыққан ҳалда көрсетиў (жеткерип бериў) бойынша пуллы экспресс-хызметлер көрсетиў тәртиби ҳаққындағы Реже тастыйықланды.
Режеге муўапық:
- мүрәжат етиўши экспресс-хызметти алыў ушын төмендеги тәртипте мүрәжат етиўи мүмкин;
- аймақлық басқарма яки орай телефон номерине қоңыраў етиў арқалы;
- орайға жеке өзи келип мүрәжат етиў жолы менен;
- рәсмий веб-сайт арқалы;
- телеграмм-бот арқалы.
Мүрәжатларды қабыл етиў саат 9:00 ден 18:00 ге шекем әмелге асырылады.
Веб-сайт ҳәм телеграмм-бот арқалы сутканың қәлеген ўақтында мүрәжат етиўи мүмкин. Мүрәжат етиўши экспресс-хызметтен пайдаланыў мақсетинде Орайға жеке өзи келгенде яки Орай телефон номерине қоңыраў етиў арқалы мүрәжат еткен ҳалларда Орайдың жуўапкер хызметкери мүрәжат етиўши усынған мағлыўматлар тийкарында ҳәм оның атынан экспресс-хызметтен пайдаланыў ушын сораўнаманы электрон тәризде толтырады.
Мүрәжат етиўши рәсмий веб-сайт арқалы мүрәжат еткенде, экспресс-хызметтен пайдаланыў ушын сораўнама системада мүрәжат етиўшиниң өзи тәрепинен толтырылады.
Экспресс-хызметлер дизими ҳәм олар ушын белгиленген төлемлер муғдары ҳаққында мағлыўматлар Агентлик рәсмий веб-сайтында, социаллық тармақлардағы рәсмий сайтларда ҳәм Орайлар имаратларының танысыў ушын қолайлы болған орынларына орналастырылады.
Бүгинги күнде мәмлекетимиз бой-лап “экспресс-хызмет” иске түсирилип, ендигиден былай зәрүр ҳүжжетлерди Мәмлекетлик хызметлер орайына бармастан турып почта арқалы алыў имканияты жаратылды.
Ҳәзирше бул қолайлық тәжирийбе түринде:
- судланбағанлық (яки судланғанлық) ҳаққында мағлыўматнамаларды алыў;
- неке дүзилгенлиги, некеде турмаслығы яки некеден ажырасқанлығы ҳаққында мағлыўматнама алыў;
- мәнзил-мағлыўмат хабарларын усыныў хызметлери ушын енгизилген.
Б.Нурлыбеков
Районлық Мәмлекетлик
хызметлер орайы бөлим баслығы