ҮГИТ-НӘСИЯТ ИЛАЖЫ ӨТКЕРИЛДИ
Өзбекстан Республикасы Халық демократиялық партиясы районлық Кеңеси тәрепинен «Исенимли социаллық қорғаў-раўажланыў таянышы» атамасында үгит-нәсият илажы өткерилди.
Илажға билимлендириў мекемелери хызметкерлери, партияның белсенди ағзалары қатнасты.
Илаж даўамында районлық мәденият бөлими, балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң оқытыўшы-оқыўшыларының атқарыўындағы саз-сәўбетли бағдарламасы қатнасыўшыларға көтериңки заўық бағышлады.
Сондай-ақ, қатнасыўшылардың сиясий партиялар, сайлаў процесси бойынша түсиниклерин анықлаў мақсетинде сораў-жуўап өткерилип, ең дурыс жуўап ийелерине партия тәрепинен саўғалар берилди.
Бағдарламада 1-санлы мектептиң оқыўшысы Н.Рамбергенова өз дөретпелеринен оқып берди.
Сондай-ақ, илаж даўамында үгит-нәсият жумысларында белсендилик көрсеткен мекеме басшылары да саўғалар менен хошаметленди.
Ҳүрлиман АСЕНОВА