Siyosat КОРРУПЦИЯ-ҚӘЎИП ҚӘТЕРГЕ ЖОЛ

КОРРУПЦИЯ-ҚӘЎИП ҚӘТЕРГЕ ЖОЛ

0
КОРРУПЦИЯ-ҚӘЎИП ҚӘТЕРГЕ ЖОЛ

Коррупция жынаятына қарсы гүресиў халықаралық жәмийет тәрепинен итибарға алыныўына себеп бар. Себеби, жынаяттың ҳәўиж алыўы ҳәр қандай мәмлекеттиңхалықаралық майдандағы абыройын көтермейтуғыны белгили.

Коррупция жынаяты бүгинги күнде мәмлекеттиңраўажланыўына кери тәсирин тийгизип келмекте.

Өткен дәўир ишинде мәмлекетимизде усы жаман иллетке қарсы гүресиўдиңнәтийжелилигин асырыў, ҳуқықый механизмлерин жаратыў, алдыңғы халық аралық әмелиятқа тән изшил әмелге асырып барыўда бирқанша жумыслар исленбекте.

Өз орнында коррупция жынаяты ҳәм оныңаўыр ақыбетлери ҳаққында ишки ислер органлары хызметкерлери тәрепинен  пуқараларымызға көбирек түсиник бериў мақсетинде мекемелер арасында, мектеп-колледжлерде семинарлар өткерилмекте.

Атап айтатуғын болсақ, районлық ишки ислер бөлими тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған илажлар даўамында районлық техника жағдайларын  ҳәм агротехникалық илажларын қадағалаў сыңары хызметкери Р.М пуқара Т.А дан айдаўшылық гүўалығын тез күн ишинде питкерип беремен деп 2.000.000 сум пул сорап, дәмегөйшилик етип атырғанлығы анықланып, бул ҳалат бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниңтийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, ҳәзирги ўакытта тергеў-сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Бундай илажлардың өткерилиўи-коррупция жынаятының кемейиўине, пуқаралардың ҳуқықый билимлериниң асыўына хызмет етеди.

 

Н.УТЕМУРАТОВ

Районлық ишки ислер бөлими жынаят излеў топары оператив ўәкили