Siyosat ЖЫНАЯТШЫЛАРҒА ҲҮКИМ ОҚЫЛДЫ

ЖЫНАЯТШЫЛАРҒА ҲҮКИМ ОҚЫЛДЫ

0
ЖЫНАЯТШЫЛАРҒА ҲҮКИМ ОҚЫЛДЫ

Қоршаған орталықты ҳәм ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәр биримиздиң адамгершиликли ўазыйпамыз. Бирақ, бул адамгершиликке әмел етпейтуғын пуқараларымыз артып баратырғаны өкинишли.

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды бүгин 11-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 202–статьясы 3-бөлими «ж» бәнти  менен айыплы деп табылған районда жасаўшы 4 пуқараның жынаят исин ашық ҳәм көшпели суд мәжилисинде көрип шығып, ҳүким оқыды.

Суд баслығы Жасурбек Уразбаев ҳайўанат яки өсимлик дүньясынан бузыў сыяқлы жынаятлар туўралы судта жыйналғанларға үгит-нәсият өткерип, ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасында жүз берген ҳәм социаллық тармақларда көпшиликтиң итибарына түскен «кийик аўшылары»  бойынша, сондай–ақ, оқ атар қуралларынан пайдаланыў, аңға шығыў қағыйдалары ҳаққында кең түрде түсиндирип өтти.

Г.ДӘЎЛЕТИЯРОВА