Siyosat АШЫҚ КӨШПЕЛИ СУД МӘЖИЛИСИ

АШЫҚ КӨШПЕЛИ СУД МӘЖИЛИСИ

0
АШЫҚ КӨШПЕЛИ СУД МӘЖИЛИСИ

Ҳәр кимниң  жасаў жағдайы, минез-қулқы ҳәр қыйлы. Гейбиреўлер өзи менен турмай, әтирапындағыларға да зыянын тийгизеди. Бурын судланып, басы тасқа тийсе де оннан тийисли жуўмақ шығармай, және де жынаят ислеўге түседи.

Жынаят ислери бойынша районлық суды тәрепинен 2019-жыл 9-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 226-статьясы 1-бөлими менен айыпланған Давимов Баҳадыр Бекмурзаевичтиң қарсысындағы жынаят иси райондағы мәденият сарайы имараты залында ашық ҳәм көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды. Суд даўамында Б.Давимов алдын бир неше мәртебе судланған болып, жазаны өтеп шыққаннан ке-йин жасаў аймағында тәртипсиз турмыс кеширгени, көбинесе спиртли ишимлик ишип мәс ҳалында жүргенлиги, әтирапындағылардың қәўетерлениўине себеп болып келгени мәлим болды. Район ҳәкимлиги, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, билимлендириў мекемеси Б.Давимовтың ис-ҳәрекетлеринен хабардар болса да бул ҳаққында оның ҳәрекетлерин бақлап барыў, нызамда нәзерде тутылған тәртипте оның менен профилактикалық сәўбет өткериў бойынша ишки ислер бөлимине жазба рәўиште мүрәжат етпестен, тек ғана аўызеки билдирип қойғанлығы судта мәлим болды.

Усы мүнәсибет пенен судланыўшы Б.Давимов өз ўақтында бақлаўға алынбағанлығы анықланды. Бул жағдай өз орнында оның жынаят ислеўине жол қойып берилген. Сол себепли келешекте усындай жынаятлардың ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, бундай жағдайлар бойынша тийисли шаралар көриў ушын районлық ишки ислер бөлимине айрықша уйғарыў шығарыў  усынылды.

Жасур УРАЗБАЕВ

      Жынаят ислери бойынша районлық суды баслығы