Siyosat БАЙРАМДА АЎЫЛ ХАЛҚЫНА ҮЛКЕН САЎFА

БАЙРАМДА АЎЫЛ ХАЛҚЫНА ҮЛКЕН САЎFА

0
БАЙРАМДА АЎЫЛ ХАЛҚЫНА ҮЛКЕН САЎFА

Суў-тиришилигимиздиң арқаўы. Тәбияттың баҳалы байлығы. Биз журналистлер буннан алдыңғы жылларда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен алынған мағлыўматлар тийкарында Қарақалпастанда жасаўшы жергиликли халықтың 50,8 проценти орайласқан суў тәмийнаты арқалы ишимлик суўынан пайдаланады, ал айырым алыс аўыл-аймақта жасаўшы халық шуқырлығы төрт жүз-бес жүз метрлик  артезиан қудықларынан суў ишеди, деген мағлыўматқа ийе болған едик. Өткен бир жыл ишиндеги өзгерислердиң өзи бул мағлыўматларды өзгертсе керек. Өйткени, жери кең, халқы аўылларда шашаў жайласқан Тахтакөпир районының өзинде бир жыл ишинде Дәўқара, Мақпалкөл, Белтаў аўыл пуқаралар жыйынларында, ал ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы алдынан Қоңыраткөл ҳәм Мүлик аўылында жасаўшы халық душшы суўлардан пайдаланыў мүмкиншилигине еристи.

Еле де түсиникли етип жеткеретуғын болсақ, быйыл Арал бойы халқын раўажландырыў бағдарламасы тийкарында Қоңыраткөл аўылы аймағына «Гранит монтаж строй» фирмасы тәрепинен жәми 2 млрд 30 млн 800 мың сумлық суўды душшыландырыўшы насос станциясына ҳәм 4,529 км қашықлықта ҳәр қыйлы диаметрдеги ишимлик суў тармақларына реконструкция жумыслары исленди. Бул арқалы жыйында жасаўшы 158 хожалықта 790 пуқараны таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мүмкиншилигин берди.

Аўыл халқы ушын душшы суўдың берилиўи мүнәсибети менен Қоңыраткөл суў бөлистириў шақапшасында салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Онда шығып сөйлеген район ҳәкими Жамбул Адилов, Қарақалпақстан Республикасы үй-жай коммунал хызмет көрсетиў министри Розимбай Сеитов, Түйемойын-Нөкис аймақлық суў қорларынан пайдаланыў басқармасы баслығы Мырзамурат Өтениязовлар аўыл халқын бул қуўанышлары менен қутлықлады. Өз гезегинде аўыл ақсақаллары Елбасшымыздың басламасы менен өзлерине көрсетилип атырған ғамхорлықлар ушын миннетдаршылық билдирди. Дәстүрий имарат лентасы кесилип, таза, тынық душшы суўдан жыйналғанлар дәм татты. Ҳақыйқатында да ишсең шөлиңди қандырар, инсан саламатлығына пайдасы көп болған душшы суў ишкен аўыл халқының алғысы шексиз.  

-Душшы суў ишиў-бизлер ушын әрман еди,-дейди Қоңыраткөл аўылы турғыны Шалқар Үббиева өз қуўанышын биз бенен бөлисип. Душшы суўдың қәдирин көп жыллар бойы ашшы суў ишип келген бизлер жақсы билемиз, сонлықтанда суўды ысырап қылыўдан өзимизди тыйыў мақсетинде суў кранларымызға есаплағыш орнатып алдық. 

Мүлик аўылы орайына Арал бойы халқын раўажландырыў бағдарламасы тийкарына қосымша «Гранит монтаж строй» фирмасы тәрепинен 2 млрд 85 млн 500 мың сумлық суўды душшыландырыўшы насос станциясына реконструкция жумыслары ҳәм 3,97 км ҳәр қыйлы диаметрдеги тармақлары жаңадан қурып питкерилди. Байрам алдынан Мүлик аўылында 234 хожалықта жасаўшы 1178 пуқара пайдаланатуғын бул суў бөлистириў станциясында ашылыў мәресими болып, станцияны қурыўда мийнети бар министрлик, басқарма хызметкерлерине аўыл халқы өз миннетдаршылығын билдирди. Сол күннен баслап хожалықларға душшы суў бериў басланды. 

Ҳәзирги күнде «Абат аўыл» бағдарламасына енгизилген Тахтакөпир АПЖ аймағына болса 309 млн 800 мың сумлық ҳәр қыйлы диаметрдеги 1,7 км суў тармақларын реконструкциялаў жумыслары «Нөкис шимол қурылыс» монтаж фирмасы тәрепинен алып барылып атыр. Қурылыс жумыслары жуўмақланғаннан соң  301 хожалықта  жасаўшы 1518 пуқараның таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи күтилмекте.

Халқымыздың күнделикли мүтәжлиги ушын аянбай мийнет етип атырған суў қурылысы пидайыларына аўыл халқы атынан миннетдаршылық билдиремиз. Бул ашылыў-аўыл халқы ушын ҳақыйқый саўға болды.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА