Ma'daniyat БИЙҒӘРЕЗ ЕЛИМНИҢ УЛЛЫ БАЙРАМЫ

БИЙҒӘРЕЗ ЕЛИМНИҢ УЛЛЫ БАЙРАМЫ

0
БИЙҒӘРЕЗ ЕЛИМНИҢ УЛЛЫ БАЙРАМЫ

Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман! Ҳәр жылы Мәмлекетимиз ғәрезсизлигин байрамлар екенбиз, оның инсан жүрегине жақын жалынлы сүренлер менен басланыўының өзи усы журтта  жасаўшы ҳәр бир ел перзентиниң ана ўатанымызға деген садықлығын, муҳаббатын  және бир мәрте тастыйықлайды. Және де бул қутлы сәне халқымыз тарийхында азат, пәраўан, бахытлы турмыстың тийкарын жаратыўшы сәне сыпатында мәңги есте қалады.

Әлле қашан алыс-жақындағы аўыл-аймақларда басланып кеткен байрам тамашалары район көлеминдеги үлкен байрам менен уласты.

Fәрезсизлик байрамын халқымыз үлкен көтериңкилик пенен белгилеп өтти.

Райондағы орайлық балалар спорт майданшасы халық пенен толы, сахна байрамға тән безетилип, қараүйлер қурылып, ҳәммениң дыққат-итибарын өзине қаратады. Байрамның көтериңки кейпиятта, тынышлықта өтиўи ушын барлық илажлар исленген.

Байрамды тамашалаўға келген жасы үлкен ата-әжелеримиз халқымызға усындай бахытлы заманның несип еткенине шүкиршилигин айтып, қолларын ақ пәтияға  жайып, елимизге  тынышлық, дәстурханларына молшылық тиледи.

Fәрезсизлик байрамына арналған салтанатты район ҳәкими Жамбул Адилов өзиниң қутлықлаў сөзи менен баслап берди. Ол өз сөзинде өткен дәўир ишинде районның барлық тараўларындағы қолға киргизилген табыслар, алға қойылған ўазыйпалар ҳаққында айтып өтти.

Байрам салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң бөлим баслығы А.Еримбетов қатнасып, халқымызды ең уллы, ең әзийз байрам менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң байрам салтанаты районлық мәденият үйи талантлыларының, балалар  музыка ҳәм көркем-өнер мектеби қатнасыўшыларының театрластырылған концерт бағдарламасы менен даўам етти. Сондай-ақ, байрамды және де жоқары дәрежеде өткериў ушын республикамыздан келген бир қатар қосықшылар да өз саўғасы менен қатнасты.

Байрамға арналған халық сейиллери районның басқа да орынларында даўам етти.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА