Siyosat ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УШЫН СЕМИНАР-КЕҢЕС

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УШЫН СЕМИНАР-КЕҢЕС

0
ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УШЫН СЕМИНАР-КЕҢЕС

Жәмийетимиздиң тиреги есапланған шаңарақтың уйытқысы-ҳаялдың өз турмысынан кеўли толып, өмирге деген сүйиспеншилигин арттырыў мақсетинде мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ушын исленип атырған ибратлы ислер көзди қуўандырады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 21-июнь күнги Олий Мажлис Сенатының 20-жалпы мәжилисинде ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, сондай-ақ, шаңарақ ҳәм мәҳәллелерде руўхый орталықты саламатластырыўда бирге ислесиўши жуўапкер жәмәәтлик шөлкемлер мәмлекетлик мекемелер менен бирге ислесиўди жолға қойыў ўазыйпасы белгилеп берилген еди. Усы ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде райондағы 3-санлы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебинде семинар-кеңес болып өтти.

Семинар-кеңеске Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Өзбекстан  ҳаял-қызлар комитети баслығы Эльмира Баситханова, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, республикалық ҳаял-қызлар комитети баслығы Зухра Ибрагимовалар қатнасты.

Өзбекстан Республикасы ҳаял-қызлар комитети баслығы Э.Баситханова сөзге шығып, ҳәр бир мәҳәлледе ө жәмәәтшилик топар дүзилип: шаңараққа кириў, саламатлық, бәнтлик,жынаятшылық профилактикасы, тәлим-тәрбия бағдары бойынша басланғыш шөлкем қурамына 30 адамнан ибарат ең белсенди, абыройлы ҳаяллар, үй бийкелери, шыпакерлер, оқытыўшылар, исбилерменлер топарға киргизилип, жумыс алып барыў жөнелиси бойынша айтып өтти. Буны районлық посёлка пуқаралар жыйыны мысалында семинар қатнасыўшыларына түсиндирилди.

Семинар-кеңесте райондағы өнермент, исбилермен ҳаял-қызлардың өз қоллары менен ислеген буйымлары, нан өнимлеринен көргизбе шөлкемлестирилди.

 

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА