Ma'daniyat «АЙДЫН ЖОЛ»ДА FӘРЕЗСИЗЛИК БАЙРАМЫ

«АЙДЫН ЖОЛ»ДА FӘРЕЗСИЗЛИК БАЙРАМЫ

0
«АЙДЫН ЖОЛ»ДА FӘРЕЗСИЗЛИК БАЙРАМЫ

Fәрезсизлик ҳаққында сөз баслар екенбиз, бул азат ҳәм абат журтымызда жасап атырған ҳәр бир инсанның қәлбине шадлық, қуўаныш туйғыларын оятады.

Бүгин ҳәммениң жүзинде қуўаныш, кеўиллеринде көтериңкилик, байрам нәпеси менен жасап атыр.

Өткен 28 жыл ишинде мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз талай асыўлардан асып, қолға қол берип, мийнет етип, бүгинги бахытлы турмысқа жетип келди.  Бул күнлерге жеткен де бар, жетпеген де бар. Бүгингидей халықтың турмысы, дәрт-тәшўишлери, машқаласы инабатқа алынып, өз шешимин таўып атырған бир ўақытта байрамлар әлбетте ҳәммениң кеўлине және де өзгеше кейпият бағышламақта.

Бүгин райондағы барлық мәҳәлле, аўыл-аймақта жасаўшы халық ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығын салтанатлы түрде белгилеп өтти. Солардың қатарында «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны халқы да байрамды жылдағыдан өзгеше кейпиятта белгиледи. Усы аймаққа қараслы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектеби алды байрамға жараса безетилип, өзгеше заўық бағышлап турды. Оннан қала берсе аймақтағы өнерли ҳаял-қызлар, өнерментлер өзлери жасаған буйымлары менен қатнасқан болса, фермерлер өз атызларынан өнип шыққан өнимлери менен көргизбе шөл-кемлестирди.

Байрамда қутлықлаў ушын сөзге шыққан район прокуроры П.Халмуратов, «Мәҳәлле» қоры районлық бөлими баслығы Е.Бегманов, «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы А.Балтамуратова ҳәм басқалар жыйналған халықты Fәрезсизлигимиздиң 28 жыллығы менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң аймақта ҳәр түрли тараўларда жетискенликлерге ерисип киятырған белсендилерге «Ҳүрмет жарлық»лары, естелик саўғалары тапсырылды.

Байрам талантлылардың атқарыўындағы қосық, аяқ-ойын ҳәм усы аймаққа қараслы 4-10-санлы балалар бақшасы тәрбияланыўшыларының концерт бағдарламасы менен даўам  етти.

М.АЛЛАМБЕРГЕНОВА