Siyosat ӘҲМИЙЕТЛИ МӘСЕЛЕЛЕР ҚАРАЛДЫ

ӘҲМИЙЕТЛИ МӘСЕЛЕЛЕР ҚАРАЛДЫ

0
ӘҲМИЙЕТЛИ МӘСЕЛЕЛЕР ҚАРАЛДЫ

Жақында район ҳәкимиятының мәжилислер залында Халық депутатлары районлық Кеңесиниң гезектеги 52-сессиясы болып өтти.

Сессияға районлық Кеңестиң депутатлары, сектор баслықлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, район аймағындағы тийисли мекеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары басшылары қатнасты.

Сессия жумысын Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы, район ҳәкими Ж.Адилов басқарып барды.
Сессияның күн тәртибине төмендеги мәселелер қойылды:

1. Районды комплекс раўажландырыў, сондай-ақ, халықты қыйнап киятырған машқалаларды шешиў бойынша ўазыйпалардың орынланыўы бойынша парламентлик, депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў илажлары ҳақ-қында.

2. Районлық әдиллик бөлими тәрепинен 2019-жылдың  2-шерегинде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында.

3. Шөлкемлестириў мәселеси.

Күн тәртибиндеги биринши мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң райондағы Халық қабыллаўханасы баслығы Б.Сәрсенбаевтың баянаты тыңланды. Баянатта райондағы 4 сектор кесиминде халықтың ишине кирип барып үйренип шығылған машқалалар ҳәм олардың шешими  ҳаққында айтып өтти.

Күн тәртибиндеги екинши мәселе бойынша  районлық әдиллик бөлими баслығы Несип Қәлимбетов сөзге шығып, 2-шеректе әмелге асырылған жумыслар ҳаққында баянат жасады.

Сессияға қойылған үшинши мәселе бойынша өарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының 2019-жыл 22-июльдеги 632-Б-санлы «Дәнеғулов Рашид Жумағуловичтиң басқа жумысқа өтиўине байланыслы район ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымынан босатыў ҳаққында»ғы бийлиги тастыйықланды. 

Солай етип, сессия жумысы жуўмақланып, күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА