ҚАЗАҚСТАННАН НӘСИЛЛИ МАЛЛАР АЛЫП КЕЛИНДИ
«Малың-жаның» деп үй жәниўарларын қәстерлеп келген халықпыз.Жесең тамағың, ишсең ағарғаның, кийсең кийим, сатсаң пулың болатуғын жети ғәзийнеге қосылған жәниўарлардың жоқарыда дизгенимиздей, атқарар пайдасы көп. Бирақ, малға қарасаң, бақсаң ғана мал болады. Оның рәҳәтин ҳәмме биле бериўи мүмкин да, бирақ мийнетин мал баққанлар ғана биледи. Бәлким, мал баққанға питеди, деген қанатлы сөз де шарўалардың өзлеринен қалған болса керек.
Тахтакөпир әзелден дийханлар елаты. Бул елаттадийханшылықта өз жоллары бар атайы дийханлар-Өзбекстан Қаҳарманлары Ағытай Әдилов пенен Сәрсенбай Сейтназаров, атақлы шарўалар, мийнет қаҳарманлары Самбай Қошмуратов, Қаршыға Кенжемуратов, Дослық орденли Қарақалпақстанға мийнети сиңген шарўа Елиўбай Отарбаевларды елимиз таныйды. Соңғы жыллары тубалап қалған шарўашылықты қайта тиклеўге Президентимиз тәрепинен кеўил бөлиниўи-Тахтакөпиршилер ушын үлкен жаңалық болғаны сыр емес.
Президентимиздиң халқымыз бенен өзиниң дәслепки ушырасыўы пайытында белгилеп бергениндей, Тахтакөпир районы келешекте шарўашылық тараўын раўажландырыўға бағдарланады. Жыл басында райондағы 274 фермер хожалықларынан 12 си шарўашылық пенен шуғылланса, бүгинги күнде олардың саны 73 ке жетти. Усы бағдарда ис жүргизиўди нийет еткен Өзбекстан-Америка қоспа кәрханасы Агрокомплекс Қарақалпақстан ЖШ жәмийетиндеги үлкен қурылысы жуўмақланып, қоңсылас Қазақстан Республикасының Қарағанды ўәлаятынан нәсилли маллар алып келинип, бағылып атыр.
Жәмийет тәрепинен келешекте нәсилли кара маллардың санын 700 басқа жеткериўди нийет еткен жәмийет ағзалары район ҳәкимияты тәрепинен ажыратылған 458 гектар егислик жерлер менен 1000 га жайлаўдан үнемли пайдаланыў арқалы мал басын көбейтиў, халқымызды гөш өнимлери менен, қосымша балық өнимлери менен тәмийинлеў, және оларды қайта ислеў ушын қосымша имаратлар қурылды. Маллардың азығы ушын жоңышқа, мәкке, жүўери сыяқлы өсимликлер егилген. «Гөш өнимлерин қайта таярлаў ушын цех жайларымыз таяр»,-дейди жәмийет басқарыўшысы Әдилбай Мырзаназаров, жақында Россияға барып цех ушын үскенелер көрип қайттық. Маллар ушын қолайлықлар жаратылған ангарды Алтай үлкесинен алып келдик. Және еки дана ангар алыўды нийетлеп отырмыз. Президентимизге көп рахметлер айтаман, ҳәр тәреплеме биз исбилерменлерге мүмкиншиликлер жаратып қойғаны ушын. Ҳәзирги күнниң өзинде аўыл аймақта жасаўшы жигирмадан аслам аўыл халқы жумыс пенен тәмийинленбекте.
Барлық техникалары саз, ислеўшилер ушын, ҳәттеки маллар ушын да саатына бир тонна суў тазаланып берилетуғын бул шарўашылықта келешекте маллардың саны көбейген сайын аўыл халқының жумыс пенен бәнтлиги тәмийинлене береди.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА