Siyosat ТӨРТКҮЛЛИ ИСБИЛЕРМЕННИҢ САЎFАСЫ

ТӨРТКҮЛЛИ ИСБИЛЕРМЕННИҢ САЎFАСЫ

0
ТӨРТКҮЛЛИ ИСБИЛЕРМЕННИҢ  САЎFАСЫ

Санаўлы күнлерден соң жаңа оқыў жылы басланады. Улыўма билим бериў мектеплеринде оңлаў, бояў жумыслары жуўмақланып, оқыўшыларын қабыллаўға таяр тур.

Жәмийетимизде ҳәр қыйлы қатлам ўәкиллери жасап атыр. Ата-ананың тап-қан табысы перзент ушын үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, аўқатланыў, кийиниў, билим алыў: оқыўлықлар, мектеп формалары, оқыў қураллары менен тәмийинлеў, қосымша билим алыў-бәри қәрежет талап етеди. Қәрежетти болса ата-ана таппай, басқа ким тапсын?! Ал, бирин-бирине жеткере алмай отырған, кем тәмийинленген шаңарақлардың өзи қанша, яки бағыўшысын жоғалтқан ярым жетим балалар да аз емес. «Аш бала тоқ бала менен ойнамайды, тоқ бала ҳеш нәрсени ойламайды» дегендей, әтирапымызда инсанлар өмири, олардың жағдайы менен көп қызыға бермеймиз. Пулымыз аўыссын, аўыспасын мүтәжлерге жәрдем бериў-ўазыйпамыз екенин де умытып кетемиз.

 Төрткүлли исбилермен  Ринат Жалелов өмирлик жолдасы Гүлназ Дәўлетова менен ойласып, ғәрезсизлик байрамы  алдынан жәрдемге мүтәж инсанларға байрам саўғасын бериўди шешкен.

-Шымбайдағы мүриўбет үйинде жасаўшы 250 азаматқа кийим-кеншек ҳәм азық-аўқатлық затлар саўға еттик,-дейди исбилермен келиншек Гүлназ биз бенен сәўбетте. Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларында жасаўшы кем тәмийинленген ҳәм бағыўшысынан айырылған 300 баслаўыш класс оқыўшыларына мектеп папкасы менен оқыў қуралларын тапсырдық. Өзимиз ойлағаннан да көп қуўаныштың гүўасы болдық. Әсиресе, нәрестелердиң жүзлериндеги балаларша бийғубар шадлық бизлердиң де кеўлимизди таўдай көтерип жиберди. Алла буйыртса саўап ислеримизди даўам етемиз деген қарарға келдик,-деди және қайтар алдында.  

Төрткүлли Жалеловлар шаңарағындай саўап ислердиң басында жүрген азаматлар өзлеримизден де көбейе берсе екен, деген тилекте қалдық.

Ҳүрлиман Асенова