САМАРҚАНД ҚАЛАСЫНА САЯХАТ
Ҳәр күнги бир қәлипли өмир инсанды шынында да шаршатады. Сонлықтан тәбият қойнына, ески қалаларға, уллы уламалардың зыярат орынларына саяхатқа шығыў мақсетке муўапық болады. Себеби саяхат арқалы шаршағаның шығады, инсанның ой-өриси кеңейеди.
28-июнь-1-июль күнлери билимлендириў ҳәм мәденият тараўы хызметкерлериниң Самарқанд қаласына саяхаты шөлкемлестирилди. Саяхатшылар Самарқанд қаласындағы дүньяға белгили Имам Аль-Бухарий, Амир Темур, Бибиханым, Мырза Улығбек, Хожа Данияр, мәмлекетимиздиң Биринши Президенти И.А.Каримов жерленген зыярат орынларында болды. Сондай-ақ, Ислам атамыздың жасаған үйине барып, атына қуран оқытылды. Және де Улығбек обсерваториясын, Регистан майданын көрди, қаланы айланды. Шынында да бундай орынларды барып көриў арқалы инсанда жаңаша ойлаў, жаңаша көз-қарас оянады.
Тараў хызметкерлериниң бул сапары бәршеде өз өмириндеги үлкен естеликлердиң бири болып қалатуғынына исенемиз.
Анаргүл АБДИЕВА
Районлық билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамы Кеңеси баслығы