Siyosat ПАРА БЕРИЎ ДЕ ЖЫНАЯТ

ПАРА БЕРИЎ ДЕ ЖЫНАЯТ

0
ПАРА БЕРИЎ ДЕ ЖЫНАЯТ

Парахорлық ҳәм пара алыў, бериў-жәмийет ушын социаллық қәўпи жоқары ҳәм аўыр ақыбетлерге алып келиўши жынаятлар топарына киреди. Усы жынаятлар жәмийеттиң мәнаўий ҳәм руўхый негизине зыян жеткизип қоймастан жаңа жынаятлардың келип шығыўына жол қояды. Сол себепли пара бериў ҳәм пара алыўда қатнасқанлар ушында жынайый жазалар күшейттирилди.

Ташкент қаласы, Яшнаабад районы Дийханбазарында гөш, мәйек, картошка ҳәм пияздың арзан сатылыўы ушын Бас прокуратура жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти тәрепинен үйренилген тексериў 2017-жылдан берли Акционерлик жәмийети директоры лаўазымында ислеп киятырған Ерман Наимовтың (аты фамилиясы өзгертилген) «несийбесинен» айырды. Ол Министрлер Кабинетиниң арнаўлы баянламасы тийкарында ўәлаятлардан келтирилип, арзанластырылған баҳаларда сатылатуғын айырым өнимлерди үйренип шықпаў, күнлик дәраматты тексермеў мақсетинде Департаменттиң районлық бөлими баслығына қоңыраў етип, оның менен сөйлесип алыўды усыныс етеди.

Солай етип, өткен жылдың 20-сентябрь күни олар райондағы «Асал» кафесинде ушырасады. Өз-ара сәўбетлесиўде өз мақсетине ерисиўди ойлаған директор базарға келтирилген арзанластырылған баҳада сатылып атырған гөш пенен мәйектен бир айда 4.500, 5000 АҚШ доллары әтирапында пайда көриўин, соннан 1.500 АҚШ долларын пара ретинде бериўин айтады.

Пул менен мәмлекет хызметкериниң аўзын толтырмақшы болған Е.Наимов «айдың биринши он күнлиги есабынан»-деп Департаменттиң районлық бөлими баслығына белгиленген сумманың авансы есабынан 550 АҚШ доллары салынған қол сумкасын береди. Сол ўақытта бирнеше ҳуқық қорғаў хызметкерлери пайда болады...

Базар директоры жынаят үстинде усланғаннан соң, ҳәмме ол сыяқлы несийбесиниң қулы емеслигин түсинип алған болса әжеп емес.

Усы ҳалат бойынша жынаят иси қозғатылып, жынаят ислери бойынша Яшнаабад районы суды ҳүкими менен Е.Наимовқа тийисли жазалар тайынланды.

Халқымыз: «Биреўди көрип шүкир ет, биреўди көрип пикир ет»-деп бийкарға айтпаған. Адамларымызда пара бериў де жынаят екенлиги ҳаққында пикир оянса, яғный ҳәр бир исте нызамлы жүрсе, өзлерине пайда, ең кереклиси ҳәр ким пара бериўден өзин тыйса, жынаятшы болып қалмайды, жәмийетте парахорлыққа жол қойылмаған болар еди.

 Ф.Бекбергенов

Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы аға инспекторы