Siyosat ХАЛЫҚТЫҢ ИСЕНИМИ-ӘҲМИЙЕТЛИ БАFДАР

ХАЛЫҚТЫҢ ИСЕНИМИ-ӘҲМИЙЕТЛИ БАFДАР

0
ХАЛЫҚТЫҢ ИСЕНИМИ-ӘҲМИЙЕТЛИ БАFДАР

Елимизде қәлиплескен мәҳәлле институты өзин-өзи басқарыўдың демократиялық көринисин өзинде жәмлейди. Соңғы жыллары мәҳәлле институтларына қаратылып атырған дыққат-итибар ҳәм оған қойылып атырған жаңа талаплар менен ўазыйпалар бул система жумысларын жетилистириўде әҳмийетли болмақта. Сонлықтан да аймақларда ҳәрекет етип турған мәкан ҳәм аўыл пуқаралары жыйыны хызметкерлериниң өз ўазыйпаларын үлкен жуўапкершилик пенен атқарыўына баслы дыққат қаратылған.         

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары-халқымыздың абат турмысын тәмийинлеўге хызмет етеди. Бүгинги күнде республикамыздың барлық орынларында  Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылды.

Пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаў-сиясий мапазы районда шөлкемлескенлик жағдайында өткерилмекте. Нызамға муўапық  ўәкиллик мүддети еки ярым жылдан үш жыл болып өзгертилген сайлаўға  райондағы 25 981 сайлаўшының 12 проценттен асламы, яғный 3 227 ўәкил қатнасыўы күтилип отыр. Районда бүгинги күнде 39 901 ге шамалас халық жасайды. Олар ҳәр қыйлы миллет ўәкиллеринен ибарат болып, 1 орында посёлкалық,  8 орында аўыллық ҳәм 8 орында мәкан пуқаралар жыйынларында беккем аўызбиршилик пенен тыныш-татыў жасап, мийнет етип келмекте. Ҳәзирги ўақытта бул жыйынларда избе-излик пенен жыйын баслығын (ақсақалын)  сайлаў илажлары даўам етип атыр. Ең дәслепки сайлаў халықтың көпшилик бөлегин қурайтуғын «Тахтакөпир» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында 1-май күни басланды. Оған сайлаў комиссиясы ағзалары, исши топар қурамы ҳәм мәкан турғынлары, кең жәмийетшиликтиң ўәкиллери қатнасты. Сайлаўға усынылған талабанлар арасында жасырын даўыста 306 даўыс топлаған  посёлкалық пуқаралар жыйыны баслығы Нийетбай Айымбетов халқының исенимине ерисип, қайтадан сайланды.

Бүгинги күнге шекем районда «Қаратерең» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Қазбек Ибадуллаев  74 даўыс пенен, «Мүлик» аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Иниятулла Наўқанбаев 59 даўыс, «Даўытсай» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Талғат Есемуратов 28 даўыс пенен, «Жаңадәрья» аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Едиге Дүзелбаев 55 даўыс, «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Бахытбай Сейтниязов 102 даўыс, «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Зиядулла Жубанышов  201 даўыс пенен қайтадан сайланған болса, «Тахтакөпир» аўыл пуқаралар жыйынынан талабан  Марат Щербеков 141 даўыс, «Дәўқара» аўыл пуқаралар жыйынынан талабан  Қуўанышбай Қалиев 155 даўыс, «Қараой» аўыл пуқаралар жыйынынан талабан Бахытбай Алланазаров  184 даўыс, «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйынан Сейткамал Бегжанов 96 даўыс, «Маржанкөл» мәкан пуқаралар жыйынынан талабан Мурат Үббиев 37 даўыс пенен жаңадан сайланды. Орынларда сайлаў мапазы даўам етип атыр.

Сайлаўлардың ашық демократиялық усылларда өткерилиўи-мәкан турғынларының өз қәлеўлилерин сайлап алыўға кең мүмкиншиликлерди жаратпақта. Сайлаўлардың талап дәрежесинде өткерилиўи-участкаларда алдын ала пуқта таярлықлар көрилиўинен деўге болады. Себеби, мәкан-ҳәр бир турғынның жасаў орны. Солай екен, өзимиз жасап турған аўыл-аймақ, мәканларымыздың абат ҳәм пәраўан болыўы, ҳәр қыйлы дөретиўшилик және ийгиликли ислердиң әмелге асырылыўы биринши нәўбетте, усы мәкан яки жыйынлардың ақсақалларының пидайылығы ҳәм белсендилигине тиккелей байланыслы болады. Сонлықтан да өз қәлеўлилеримизге даўыс бериўди әҳмийетли деп есаплаймыз.

    Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА

СҮЎРЕТЛЕРДЕ:   «Дәўир» мәкан пуқаралар   жыйыны  ҳәм «Тахтакөпир»  посёлкалық пуқаралар жыйынында өткерилген сайлаўлардан көринислер