Siyosat ГҮЛ ШЕҢБЕРЛЕРИ ҚОЙЫЛДЫ

ГҮЛ ШЕҢБЕРЛЕРИ ҚОЙЫЛДЫ

0
ГҮЛ ШЕҢБЕРЛЕРИ ҚОЙЫЛДЫ

Жәҳән тарийхында екинши жәҳән урысы деп аталған 1939-1945-жыллар арасындағы урыс адамзат ерки ҳәм азатлығына қәўип туўдырып, пүткил дүнья жәмийетшилигин қорқынышқа салды. Бул урыс майданында ҳәм тылда ерлик үлгилерин көрсеткен батыр аталарымыз инсаниятты қуллық қурсаўынан азат етиўге миясар болды. Елден атланған 77 мыңнан аслам азамат жаўынгерлердиң 3700и районымыздан еди. Бизиң  бүгингидей бахытлы, тыныш өмиримиздиң тийкары ушын жанларын оққа қалқан еткен 2400 ден аслам жаўынгерлердиң денеси жат журтларда қалып кетти.  1300 ден асламы ғана елге қуўысыў бахытына миясар болған. Жүйрик аттай жылжып өткен жыллар барған сайын олардың санын кемитип барды. Быйыл районда бир де бир Екинши жәҳән урысы қатнасыўшысы қалған жоқ ҳәм 11 ғана тылда олар ушын хызмет еткен жасы үлкен аталарымыз бенен аналарымыз жасайды.

«Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» район орайындағы Екинши жәҳән урысында қурбан болған жаўынгерлердиң ҳүрметине қойылған естелик алдына район ҳәкимияты, районлық қорғаныў бөлими, Нураный қоры ҳәм    басқа да шөлкем ўәкиллери нураный аталар менен биргеликте жыйналды. Шейит кеткенлердиң ҳүрметине гүл шеңберлери қойылды. Онда шығып сөйлегенлер халқымызға парахат өмир тиледи.

Район ҳәкиминиң басшылығында бир топар зыялылар бүгинги күнде ҳәр бири сексен жыллық өмирин арқаға таслап, еки әсирдиң гүўасы болған, тылда урыс қатнасыўшыларына хызмет еткен қариялардың үйлеринде болып, олар менен сәўбетте болды ҳәм қәдирлеў күни  ҳүрметине район ҳәкимияты, «Мәҳәлле» қайырқомлық қоры, тағы басқа уйымлар тәрепинен таярланған арнаўлы естелик саўғаларын тапсырды.

Бундай ҳүрметлер ушын аталарымыз өз гезегинде миннетдаршылықларын билдирди.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТИЯРОВА

                              СҮЎРЕТЛЕРДЕ: «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» өткерилген илажлардан көринислер