Siyosat МЕН ОҚЫҒАН МЕКТЕБИМЕ КИТАП САЎҒА ЕТЕМЕН

МЕН ОҚЫҒАН МЕКТЕБИМЕ КИТАП САЎҒА ЕТЕМЕН

0
МЕН ОҚЫҒАН МЕКТЕБИМЕ КИТАП САЎҒА ЕТЕМЕН

Бул өмирде инсан баласының қол жеткизетуғын ең уллы жетискенликлериниң бири-бул билим арқалы табысқа ерисиў. Әлбетте оған тек китап арқалы ғана ерисиў мүмкин.  Соңғы раўажланыў дәўириндеги интернет, компьютер техникаларының алға илгерилиўи менен көпшиликте «китапханалардың келешеги жоқ» деген пикирлердиң де пайда болғаны сыр емес. Нәтийжеде жасларымыздың китаптан, әдебияттан алыслап кетиўине, өмирге жеңил көз бенен қараўына алып келди. Көп узамай халық бул пикирдиң шынлыққа туўры келмейтуғынын, китапсыз келешектиң жоқ екенлигин аңлап жетти.

Соңғы ўақытлары мәмлекетимизде халықтың китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў, китапханалар, китап дүканларының санын көбейтиў бойынша алып барылып атырған ийгиликли ислер өз нәтийжесин бермекте. әсиресе жақын күнлер ишиндеги Президентимиз басламасы менен мәмлекетимиз бойлап «Өз оқыған мектебиме китап саўғам» шеңберинде өткерилип атырған қайырқомлық акциялары мектеп китапханаларының таза әдебий китаплар менен толысыўына үлкен мүмкиншилик жаратпақта. Буннан гөзленген мақсет-мектеплердиң китапхана фондын көркем әде- биятлар менен байытыў, жасларды китапқумарлыққа тартыў, китап оқыў мәдениятын кең ен жайдырыў, тарийхымызды, көркем сөйлеўди үйрениў болып саналады.

Усындай акциялардың бири райондағы 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, оған усы мектепте оқып, билим алған район ҳәкими Жамбыл Адилов, район ҳәкиминиң орынбасары Бахтыбай Алдамуратов, «Мәҳәлле» қайырқомлық қоры қәнигеси Зийўар Акимниязова, усы мектептиң директоры Улбосын Измурзаева, 10-санлы мектептиң директоры Қатша Баймурзаева, районлық үй-жай коммуналь хызмет көрсетиў бөлиминиң баслығы Тайыр Мустафаевлар қатнасып, мектепке алып келген китапларын саўға етти. Олар оқыўшылар менен ушырасыў барысында китаплар жансыз, бирақ инсан ушын ҳақыйқый дос екенлигин уқтырды.

Данышпанларымыз «китап-ең алыс ҳәм зимистан өмир жолларында инсанға нур бағышлап турыўшы сыйқырлы шырақдур» деген баҳалы пикирлери арқалы китаптың адамға жан азығы, руўхый қуўат бериўши күш екенлигин және бир мәрте дәлийллегиси келеди.

Китап оқыған адам өзин және де билимли, күшли сезинеди. Китап-тилсимли бир дүнья. Усындай дүньяны жас жеткеншиклерге саўға етиўди өзиниң парызы деп билген Олий Мажлис Сенаты ағзасы, район ҳәкиминиң орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Айсәнем Аллиярова да өзи оқып билим алған 3-санлы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде болды. Ойлап қарасақ, шынында да   китаптан уллы саўға болмаса керек.

Жасларымызды китаплар әлемине жетеклеп атырған бир пайытта усындай баҳалы китапларды жазып, оқыўшылар нәзерине усынып атырған китап авторларының да бизиң районымызда мийманда болыўы нур үстине нур болды. Олар «Тынышлық сақшысы» газетасының редакторы, жерлесимиз, жазыўшы-шайыр, Жуманияз Өтениязов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, жазыўшы-шайыр Кеңесбай Каримов, Қарақалпақстан Халық жазыўшысы, жерлесимиз Алланазар Абдиев ҳәм «Қарлығаш» балалар журналының редакторы Бекназар Ерназаровлар 11-санлы улыўма билим бериў мектебинде мийманда болды. Олар оқыўшы жаслар менен ушырасыў өткерип, китаптың инсан өмириндеги әҳмийети ҳаққында баҳалы пикирлерин билдирди ҳәм өз авторлығындағы жаңа китапларын мектеп китапханасына саўға етти.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА

 

«Мен оқыған мектебиме китап саўға етемен» шеңбериндеги қайырқомлық акциясы «Дәўқара» АПЖ аймағындағы 13-санлы улыўма билим бериў мектебинде де болып өтти. Оған «Дәўқара АПЖ баслығы өуўаныш өалиев, ҳ-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемеси баслығы Гүлзийба Нызанова, район ҳәкимиятынан Нуркен Азбергенов, «Айбат-Тахта» фермер хожалығы баслығы Рахат Серекеев, көркем өнер тараўынан Хожанияз Алланиязов, районлық мәжбүрий орынлаў бюросы баслығының орынбасары Шәмшетдин Ималатдинов, районлық ишки ислер бөлиминиң инспекторы Баку Ималатдинов, 12-санлы мектептиң директор орынбасары Айнагүл Абдирасулиевалар оқыўшы жаслар менен ушырасып, өз мектебине алып келген китапларын китапханаға саўғаға берди