САЛТАНАТЛЫ БЕЛГИЛЕНДИ
Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәмде олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып хызмет етеди.
Бүгинги күнде елимизде барлық тараўларда ерисилип атырған жетискенликлеримиз Конституциямызда беккемленип қойылған қағыйда ҳәм принциплер менен тығыз байланыслы.
Халқымыз Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күниниң 2ү жыллығын ең үлкен байрамлардың бири сыпатында белгилеп өтти.
Райондағы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде өткерилген салтанатлы жыйналысқа район ҳәкими Ж.Адилов, район прокуроры, әдиллик кеңесшиси П.Халмуратов, районлық ишки ислер бөлиминиң баслығы Ө.Турдыбаев, районлық әдиллик бөлими баслығы Е.Атажанов, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мекеме, кәрхана, шөлкем басшылары ҳәм оқыўшы жаслар қатнасты. Жыйналыста шығып сөйлеўшилер Конституция мәмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ең жоқарғы юридикалық күшке ийе екенин мысаллар менен атап өтти.
Ҳақыйқатында да, Конституция мәмлекеттиң ерк-ықрарын көрсетиўши, мәмлекет дүзилиси ҳәм басқарыў формасы тийкарларын белгилеўши, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўши, ҳәкимият уйымлары хызметин шөлкемлестириў тәртиби ҳәм принциплерин белгилеўши тийкарғы нызам.
Салтанатлы мәжилис соңында районлық мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы талантлылары менен балалар көркем-өнер ҳәм музыка мектеби оқыўшыларының атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.
Ҳүрлиман АCЕНОВА