Ma'daniyat ҮЛКЕМИЗДЕ НАЎРЫЗ

ҮЛКЕМИЗДЕ НАЎРЫЗ

0
ҮЛКЕМИЗДЕ НАЎРЫЗ

Наўрыз-Шығыс әлемин жаңартып, ана жерди әрўанадай ийдирип, тиришилик атаўына жан ендиретуғын, инсанның кеўлинде ана тәбиятқа деген меҳирди оятып, бир пүтин болып жасаўға умтылдыратуғын, атамасынан-ақ ең әййемги, миллий байрам. Бир-биреўге кеўил сарайын кеңнен ашып, өкпелескенлер жарасып, наўқаслардың ҳалынан хабар алатуғын мийрим-шәпәәт, қәдир-қымбат ҳәм қайыр-сақаўат байрамы. Усындай тәрийплерге ийе наўрыз байрамын пүткил елимиз қатарында байрамлаў әлле қашан бизиң районның ҳәр бир көше, аўылларында  басланып кетти. Райондағы улыўмаластырылған наўрыз сейилине болса әдеттегидей көпшилик жыйналды. 

Район орайындағы спорт майданшасында болып өткен наўрыз байрамы сахнасы бой-лап жаңғырған қосықлар, көркем жәмәәтлердиң атқарыўында миллий қәдириятларымыз, сүмелек сейили, бәҳәр сағынышы өз көринисин тапты. Байрам салтанатлары даўамында Наўрыз дәстүрлери, үрп-әдетлери, көклем келиўи менен байланыслы әдетлеримиз сахна көринислери арқалы атқарылды. Өткерилген  тамашалар ҳақыйқый байрам шадлықлaрына уласты.  Наўрызлық гөже, сүмелек ҳәм көк  сомса сыяқлы наўрызға тән  тағамлар тартылған дәстурханлар әтирапында  ҳәр қыйлы миллет ўәкиллеринен қуралған район халқы байрам қуўанышларын бир пүтин шаңарақ болып бирге бөлиспекте. Наўрыз байрамының көрки болған миллийлигимизди тәрийплейтуғын көргизбелерде ҳәр бир тараўдан келген хызметкерлер, әсиресе билимлендириў мекемелери  қәнигелери белсендилик көрсетти. Байрам кейпиятында жүрген, қосық, аяқ ойынларын қыздырып атырған үлкенлерден баслап бақша жасындағы кишкенелеримизге шекем түрли миллет ўәкиллериниң (қарақалпақша, қазақша, өзбекше) миллий кийимлеринде ушыратыўымызға болады.

Бул күни халқымыздың кеўлиндей жадыраған бәҳәр нәпеси есип турды. Ҳаўа райы бақлаўшыларының Тахтакөпир районында саат 12 ден баслап жаўын-шашын басланады деген болжамын да тәбият бийкарлап таслады. Байрам даўам ете берди.        

Ҳақыйқатында да бәҳәрдиң нәпеси есип турған бул ўақытлары дийханларымыз жаңа арзыў-нийетлер менен жерге туқым шашыўды ойласып, бири-бирине «Таслаған бир туқымыңыз мың болсын!», деп жақсы тилеклерин билдирип атыр. Бул күни аўылларда барған сайын тийкарғы күшке айланып атырған дийхан ҳәм фермерлердиң, жүрегинде оты бар ҳәр бир жерлесимиздиң турмысында жаңа мийнет мапазы басланады. Районда қурал-сайманы менен техникасын таярлап, быйылғы жылдың зүрәәтине аяқ қосыў алдында турған дийхан фермерлердиң саны бүгинги күнде 226 ға жетти. Елимиздиң барлық аймақларында басланған кең көлемли реформалар избе-из даўам еттирилип, республикамыздың барлық салаларында үлкен дөретиўшилик жумыслардың алып барылыўы нәтийжесинде аўыл-аймақларымыздың экономикалық ҳәм социаллық раўажланыў барысы түп-тийкарынан өзгермекте. Президентимиз белгилеп бергениндей, келешегинен шарўашылыққа тийкарланыў нийетленип отырған райондағы  «Агро комплекс Каракалпакстан” жуўапкершилиги шекленген жәмийети  қара мал өсириў жумысларын баслаў алдында. Оннан алынған гөш өнимлерин қайта ислеў арқалы халықтың азық-аўқат түрлерине болған мүтәжлигин қанаатландырыўды мақсет етип отыр.

Соны да айтып өтиўимиз орынлы, соңғы ўақытлары елимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўға  дыққат қаратылып, мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.  Жыл сайын оны раўажландырыўдың ҳуқықый тийкарлары жетилистирилип, исбилерменлерге имканиятлар ҳәм жеңилликлер кеңейтилмекте. Усындай мүмкиншиликлерден пайдалана отырып, быйылғы “Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажландырыў жылы”нда районда 132 исбилерменлик субъектлери жаңадан шөлкемлестирилди. Солай етип,   бүгинги күнде 556 исбилерменлик субъектлери аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы, санаат, қурылыс, саўда, байланыс, денсаўлықты сақлаў, социаллық хызметлер ҳәм тағы да басқа тараўлар бойынша хызметлер көрсетип келмекте.

Усындай жетискенликлер менен келешекке исенимли қәдем қойып атырған ҳәр түрли миллет ўәкиллери жасайтуғын Тахтакөпиршилердиң наўрыз сейилинде гүл мыйықлы арбалардан тартып, барлық миллий үрп-әдетлеримиз алып шығылды.

Байрам сейили палўанлар гүреси, арқан тартыс,  тас көтериў, қошқар дүгистириў ҳәм қораз урыстырыў сыяқлы тамашалар менен қызғын даўам етти.

Күнниң екинши ярымында «Мүлик» аўыл пуқаралар жыйынының атшабар майданында ат шабыслар бәйгиси өткерилди.

Районда усындай  пайызлы демлерде адамлар мәҳәлле, көше, ел-журт пенен татыў болып, өз-ара кеўил сырларын ашып, наўқаслардың, кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларының жағдайларынан хабар алып, теберик кекселеримиздиң ақ пәтиясын алыўға умтылмақта.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА