Siyosat ХАЛҚЫМЫЗ БЕНЕН БИРГЕМИЗ

ХАЛҚЫМЫЗ БЕНЕН БИРГЕМИЗ

0
ХАЛҚЫМЫЗ БЕНЕН  БИРГЕМИЗ

Районлық «Тахтакөпир таңы” газетасы өзиниң 75 жылға жуўық өмиринде  халқымыздың жырын-жырлап, арын-арлап келген бирден бир жалғыз басылым саналады. Урыстың сол еле сырапыл дәўиринде шыға баслаған газетамызға ҳәр түрли кәсиптеги қәлем ийелеринен баслап, мектеп оқыўшысына шекем үлес қосты. Нәтийжеде, көпшилик талантлы дөретиўшилер үлкен дәрежедеги қәлем ийелери-журналистлер, жазыўшылар менен шайырлар, тилши устазлар болып жетилисти. Еки қызымыз Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары болды. Булар аз жетискенлик емес.

Газета бүгингидей ғәрезсиз дәўирге келип, өз жөнелисин даўам етип атыр. Быйылғы жылы да еки мың шаңараққа жаңалықлары менен кирип бармақта. Газетамыздың жаңа жыл санынан баслап тек ғана өзимиздиң район жаңалықлары емес, бүгинде пүткил жәҳәнниң итибарына түсип,  Өзбекстан бойлап қол ушын созып атырған қоңсылас Мойнақ районындағы жаңаланыўлар ҳәм буған көпшилик қатарында районымыздан барып жәрдемде жүрген ҳәкимият хызметкерлеринен баслап тоғай хожалығы, жол қурылысы, абаданластырыў тараўларының қосып атырған үлеси сәўлелендирилди. Жаңа жылда өткен жылға жуўмақ жасалып, әўмети келген ҳәр қыйлы тараўдағы жерлеслеримиздиң мийнети айрықша аталып өтти.

Есик қағып, бәҳәрдиң келиўи-ана жердиң әрўанадай ийиўи, егиске талпындырыўы менен басланады. “Әй перзент, егер дийхан болсаң, бәрше дийқаннан билимлирек болғыл ҳәм не егин ексең де, ўақтынан өткермегил. Ўақтынан он күн бурын еккениң еки күн кейин еккениңнен абзалырақдур” делинген Унсурулмаолий Кәйкаўыстың нәсиятнамасында. Усындай данышпанлардың нәсиятына әмел қылған, ўақтынан утылмайтуғын дийханшылықты кәсип етип жаздырмайтуғын заманласларымыз ҳаққында басқаларға үлги сыпатында көрсетип барыўды умытпадық.

“Өртке бийпәрўа болмайық”, “Шыпакердиң кеңеси”, “Инсан ҳәм тәбият”, “Партия турмысынан”, “Жынаят ҳәм жаза”, “Мениң ис тәжирийбемнен” т.б. турақлы рубрикаларымызда, және “Ўатанды қорғайды-жигиттиң мәрти!”, “Үй-жайлардың гилти тапсырылды”, “Өмир жолларында адастым, неге?!”, “Зульфия-муҳаббат ҳәм садықлық тымсалы”, “Жаслар ҳәптелиги”, “Арал тәғдири-инсан тәғдири”, “Бабамыз А.Досназаровты еслеп”, “Аналарымыздан меҳримизди аямайық!”, “Наўайы ҳәм Абай-егиз тулға” атамасындағы көлемли, мазмуны ҳәр қыйлы дөретпелер, сондай-ақ, ҳүкиметлик пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўы, ондағы өзгерислер тараў қәнигелериниң қатнасында жәрияланып барылды.

Халқымыздың руўхый азығы болған “Тахтакөпир таңы”  газетасы ҳәр бир шаңарақ ийесиниң қолына жетип баратуғынына, газета арқалы оқырман район жаңалықлары менен бирге өзине керекли мағлыўматларға ийе болатуғынына, газетаның досты болып қалатуғынына биз исенемиз.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА