БАЙРАМ ШАДЛЫҚЛАРFА УЛАСҚАН ЖЕРДЕ
Мектепке шекемги билимлендириў мекемелери бөлими өз алдына отаў тигип, жумыс көлеми кеңейип, олардың жанланып атырғаны сыр емес. Өткен жылы «Абат аўыл» бағдарламасына киргизилип, мектепке шекемги билимлендириў мекемесине ири оңлаў жүргизилген 5-санлы балалар бақшасында тәжирийбели және инталы тәрбияшылар менен бала күтиўшилери мийнет ететуғынын билемиз.
Жәмәәт ағзалары наўрыз байрамына да үлкен таярлықлар көрди. өазанда бир күн бурын қайнатып баслаған сүмелектен тартып халқымыздың миллийлигин көрсетиўши тағамлар, дәскелер көргизбеси қо-йылды. Мақпалкөл аўылының халқы да байрамға өз үлеслерин қосты. Атқарылған қосықлар, аяқ ойынлар, арқан тартыс, миллий кийимлер көргизбеси-наўрыздың мазмунын байытты. Бақша алдына қурылған балалар ушын арнаўлы кишкене қараүй-балалардың сүйикли үйине айналып қалатуғын болды.
Бақша жәмәәтиниң баслап берген наўрыз тамашалары аўыл бойлап даўам етип атыр.
Ҳүрлиман Асенова