Ma'daniyat АЎЫЛДА НАЎРЫЗ

АЎЫЛДА НАЎРЫЗ

0
АЎЫЛДА НАЎРЫЗ

Быйылғы наўрыз байрамы көпшилик мәкан пуқаралар жыйыны менен мәҳәллелерде қызғын түс алды.Жылдан жылға жасарып, жаңадан түс алып атырған миллий байрамда халқымыздың кеўил кейпияты көтерилип, қазанларда сүмелеклер ҳәр бир көшеде көпшилик болып, айырым шаңарақларда жеке болып қайнатылып, жақсы тилеклер тиледи. Йошлы намалар ҳәр тәрептен жаңлап, байрам нәпеси анық сезилип турды.

«Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 11-санлы мектеп әтирапында өткерилген бул жылғы наўрыз байрамы жүдә қызықлы болды. Мектеп жәмәәтиниң шөлкемлестириўинде қурылған қара үй, миллий үй дәскелери, миллий тағамлар көргизбеси, талантлы жаслардың атқарыўындағы ойын-заўықлар аўыл халқының ҳәўесин оятты. Өз перзентлери билим алатуғын дәргай жәмәәти менен бирге тойланған байрам шадлықлары қыз узатыў, тусаў кесиў сыяқлы композициялар менен даўам етти. «Үлкен арба қайдан жүрсе, кишиси де соған ереди». Яғный, мектеп оқыўшылары нәзериндеги наўрыз да өз алдына бир дүнья болып, сүўретте көрип турғаныңыздай миллийлигимизди көрсетиўге талпынып атырғаны қуўандырады.

Усы күни қазанда қайнаған  сүмелек асы, наўрыз гөжеси қатнасқанлардың таңлайында татыды. әне наўрыз, мине наўрыз! Наўрыз өзиниң барлық байрамлардан айрықшалығын, ҳақыйқый миллий байрам екенин дәлийллеп, халқымыздың аўызбиршилигиниң беккемлениўине өзиниң үлесин қосып атыр.   

Гүлнара ДӘЎЛЕТИЯРОВА