Ma'daniyat КЕЎИЛЛЕРДЕ БАЙРАМ НӘПЕСИ

КЕЎИЛЛЕРДЕ БАЙРАМ НӘПЕСИ

0
КЕЎИЛЛЕРДЕ БАЙРАМ НӘПЕСИ

Әдеттегидей, 8-март байрамы қарсаңында  үлкемизге бәҳәр паслы енип, қыс суўығы тәбиятты еле тәрк етпегени менен ҳаял-қызлардың кеўиллеринде бәҳәр, жүзлеринде қуўаныш. Өйткени, кеўиллеримизди байрам нәпеси ийелеген еди...

Ҳәр бир тараўда өзиниң белгили дәрежеде орны бар бизиң  районымыздың белсенди ҳаял-қызлары  ҳәр қашанғыдай байрам мүнәсибети менен  иззетте болды. Себеби, олар ҳәр бир шаңарақтың гүли, жәмийеттиң де  жүгин қоса тартып жүрген өз кәсибиниң пидайылары, бири медицинадан болса, бири билимлендириўден  және бири аўыл хожалығы тараўының жанкүйерлери.

Байрамға арналған салтанатлы илаж өткерилип, онда район ҳәкими Жамбул Адилов  қатнасыўшыларды қызғын қутлықлап,  район халқының елиў процентин қурайтуғын ҳаял-қызлардың ерлер менен бир сапта турып, районның социал-экономикалық өсиўинде теңдей мийнетлери бар екенин  мақтаныш пенен атап өтти.

Ҳақыйқатында да,  республикамызға белгили көплеген мийнет адамларын жетистирген аналарымыз,  районнан шыққан белгили  ҳаял-қызларымыз да аз емес.    

Президентимиздиң басшылығында турмысымыздың барлық тараўларында кеқ көлемли реформаларды әмелге асырыў процессинде жәмийетимизде ҳаял-қызлардың абырайын арттырыў, билим алыўы ҳәм кәсип ийелеўи, жәмийетлик-сиясий турмысқа белсене қатнасыўы ушын шараятлар жаратыўға дыққат қаратылған. Районда усындай мүмкиншиликлерден пайдаланып атырған ҳаял-қызлар саны күн санап артып бармақта. Әпиўайы мысал, аўылда жасаўшы биз аналар  ушын бир ўақытлары спорт гимнастикасы әрман болған болса, бүгинги күнде районда спорт гимнастикасына қатнасыўшы қызалақлардың Өзбекстан көлеминдеги чемпионатларда 2-орынды, спорттың гүрес ҳәм дзюдо түрлеринен биринши орынларды ийелеўин-қызларымыздың табысы-келешекке исеним деп билемиз.

Әлбетте, әзийз аналар, өмиримиздиң гүлтажы болған ҳаял-қызлар ҳаққында қаншама мақтаныш етсек те көплик етпейди. Биз меҳир-муҳаббат ҳәм адамгершиликтиң дәслепки сабақларын аналарымыздан, олардың бесигимиздиң әтирапында пәрмана болып айтқан ҳәййиўлеринен аламыз.Сонлықтан да ҳаял-қызлар байрамын белгилеў ҳәм ҳаял-қызларды ҳүрметлеўде үлкен мәни бар.  

Байрам мүнәсибети менен бир кесе шай үстинде ҳаял-қызлар сәўбетлесер екен, оларға көрсетилип атырған ҳүрмет-иззеттен  кеўиллери толғанын аңлаў қыйын емес. Оларға бир аўыз шийрин сөз, бир  дана гүлдиң өзи жетерлидей. Себеби, олардың кеўли-гүлден де нәзик.

Байрам саўғалары, ойын-заўықлар байрамның мазмунын және де байытты.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА