ҲӘРЕКЕТТЕ БЕРЕКЕТ БАР
Өмиримиз жылдан-жылға жаңаланып, жасаўға болған мүмкиншиликлеримиз барған сайын артып бармақта. Сонлықтан бүгинги күнде «алма пис, аўзыма түс» деп отыратуғын заман емес. Ҳәрекет етсең берекетин де көресең. Әсиресе қыйтақ жерге болған итибар оғада күшли. Солай екен, үйимиздиң алдында қандай да бир дақылды көгертиў мүмкин болған жерди аяқ асты етпей, оған барынша меҳир берип, егер машқала туўдыратуғын болса шешимин ойлап таўып, ҳақыйқый егис майданына айландырыўымыз зәрүр.
Усы мақсетте биз муғаллимлер тәбийий пәнлер барысында, дөгерек жумысларында оқыўшылардың ана тәбиятымызға, өзлериниң үй алды қыйтақ жерлерине итибар бериўин уқтырып барамыз. Әлбетте бундай исте тәжирийбели устазларымызға жүгинемиз.
Биз жақын күнлерде биология пәни дөгерек оқыўшылары менен биргеликте мектебимиздиң нураный устазы, тәбиятқа жүдә жақын инсан Айтгүл апа Зарлықованың шаңарағында болдық. Биринши себебимиз-анамыздан дийханшылықтың қыр-сырларынан оқыўшыларды хабардар етиў болса, екинши себебимиз-8-март-ҳаял-қызлар байрамы менен қутлықлаў болды.
Айтгүл апаның дәстурханы әдеттегидей өз атызынан өнген алма, қақланған ерик, жийде менен толы.
Айтгүл апа оқыўшыларға өз қыйтақ жериндеги мийўе тереклери мысалында оларға форма бериў, кесиў, мийўе бермеў себеплери, нәллерди егиў, сондай-ақ, мийўе нәллерин бири-бирине сабыў усылларын әмелде көрсетти. Әсиресе сабыў усылы оқыўшыларда үлкен қызығыўшылық оятты. Себеби мектепте биология пәнинен тап усы темада сабақ өтилип атырғанлықтан оны әмелде көриўи олардың терең түсиник алыўына мүмкиншилик жаратты.
-Мениң биология пәнине мектеп дәўиринен баслап қызығыўшылығым жерге деген меҳримди де арттырды. Бәҳәр келиўден ҳәр бир күним атызда өтеди. Ҳәзир атызымда алма, алмурт, қәрели, айба, шийе, ерик, тут, ақтерек өсип турған болса, және оған қосымша помидор, қыяр, бурыш ҳәм басқа да дақылларды өндирип аламыз. Бала-шағамыздан аўысқанын базарға апарып сатамыз. әне, мийнеттиң жемисин көриў деген. Мийнетине ҳеш қашан қыйналмаў керек, соған жараса мазасы да бар-дейди, Айтгүл апа.
Оқыўшылар Айтгүл ападан қызықтырған сораўларына жуўап алды. Олардың да өз үй алдыларындағы қыйтақ жерлерине қызығыўшылығы артады деген үмиттемиз.
Гүлсәнем ЕРЕЖЕПОВА
8-санлы улыўма билим бериў мектебиниң биология пәни муғаллими