НЫЗАМСЫЗ ВАЛЮТА САЎДАСЫ
Өзбекстан Республикасы аймағында шет ел валютасын сатып алыў ҳәм сатыўдың белгиленген нызам-қағыйдалары бар болыўына қарамастан айырым пуқаралар бул бойынша нызамсыз ҳәрекетлерден елеге шекем өзлерин тыя алмай жүр. Жынаят ислери бойынша районлық судында нызамсыз валюта саўдасын өзине кәсип етип алған Н.Бекимбетовтың қылмысларына ҳуқықый баҳа берилди.
Өткен жылдың сентябрь айында Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм районлық бөлими тәрепинен өткерилген оператив илаж нәтийжесинде Н.Бекимбетов өзиниң топар ағзалары Р.Маратов ҳәм Ж.Нурымбетовларды шет ел валютасын нызамсыз рәўиште алмастырыў мақсетинде жибергенлиги анықланды. Р.Маратов ҳәм Ж.Нурымбетовлар 4900 АҚШ долларын 40 082 000 сумға сатқан ўақытта қолға алынды. Илаж даўамында Ж.Нурымбетовтың басқарыўында болған автомашина көзден кеширилгенде автомашинаның артқы орынлығында 102 миллион 540 мың Өзбекстан сумлары бар екенлиги анықланды. Усы жағдай бойынша тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, пуқаралар Н.Бекимбетов, Р.Маратов ҳәм Ж.Нурымбетовлардан жәми 4900 АҚШ доллары ҳәм 102 миллион 540 мың Өзбекстан сум пуллары айғақлы дәлийл сыпатында алынды.
Суд мәжилисинде Н.Бекимбетов ҳәм Ж.Нурымбетовларға Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары қолланылып, жаза тайынланды.
Султанбай ҚУРБАНОВ
Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бөлим баслығы