Siyosat БИЙЗАРЫЛЫҚТЫҢ АҚЫБЕТИ

БИЙЗАРЫЛЫҚТЫҢ АҚЫБЕТИ

0
БИЙЗАРЫЛЫҚТЫҢ АҚЫБЕТИ

Спиртли ишимликлер ишиўдиң ақыбети жақсылыққа алып бармайтуғынын көпшилигимиз билемиз. Усындай қыңыр иске қол урғанларды халқымыз арасында «Араққа ақылын қосып ишкенлер» деп те атайды. Тилекке қарсы бундайлардың ис-ҳәрекети көпшилик жағдайда орны толмас өкинишке алып келеди.

Усы жылы январь айында ҳеш жерде жумыс ислемейтуғын О.А. исимли шахс спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында райондағы Ҳамза көшесинде аўзына келген ҳәр түрли сөгис гәплерди айтып, шаўқым шығарып, сол жердеги пуқаралардың тынышлығын бузып, жәмийетте жүрис-турыс қағыйдаларын қастан менсинбестен майда бийзарылық ҳәрекетлери менен ислеп жүргенинде районлық ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен тәртипке шақырылғанда, олардың нызамлы талапларына бойсынбастан қарсылық көрсеткенлиги анықланған. Суд тәрепинен пуқараға Өзбекстан Республикасы «Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында»ғы Кодексиниң 183-статьясы ҳәм 194-статьясы 1-бөлими менен 15 суткаға ҳәкимшилик қамақ жазасы қолланылды.

Бул ҳуқықбузарлық ислерди халықтың арасында үгит-нәсиятлаў мақсетинде районлық ҳәкимшилик суды тәрепинен 17-санлы музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде көшпели суд мәжилиси болып, бул жерде буннан басқа да ҳуқықбузарлық ислеген пуқараларға да тийисли жаза қолланылды.

 

Мақсет БЕКИМБЕТОВ

Районлық ҳәкимшилик суды баслығы