Siyosat ЖАҚСЫЛЫҚҚА ЖЕТЕЛЕР ЖОЛДА

ЖАҚСЫЛЫҚҚА ЖЕТЕЛЕР ЖОЛДА

0
ЖАҚСЫЛЫҚҚА  ЖЕТЕЛЕР ЖОЛДА

Суўсызлық жылларында Өтебийке деген мерекелес апамыз көпшиликке «жақында бир жасы үлкен ғарры айтыпты, келешекте бул елат гүлленип кетеди. әсиресе Мойнақ тәреп адам инанғысыз дәрежеде өзгереди, дәрьямызға суў да келеди, сәл сабыр етиң, деген қусайды. Еле кеткен қуслар да, елден кеткен жерлеслеримизде қайтып келеди, көрерсизлер» деп исеним менен айтқанда көпшилик оның гәплерине қыялый жорыў шығар деп күлисип  едик. Президентимиздиң Мойнаққа болған үлкен итибары-Аралбойы халқының келешекке деген беккем исенимин  арттырып, жасаўға болған қуштарлығын, туўылған жерге деген муҳаббатын мийтинлеп атырғандай. Баспа сөз бетлеринен ҳәр күни оқып, телекөрсетиўлер арқалы көрип отырған  Мойнақтағы жаңаланыўлар  жоқарыдағы апамыз атқан нураныйдың болжамын тастыйықлап атырғандай. Бурын Мойнақта жасайды, дегенди еситсек экологиялық апатшылықтың дәл орайында екен, деген ой санамызға келип турса, енди мойнақшыларға қызығып қарайтуғын болдық. Жасыратуғыны жоқ, барып өзимизде көзимиз бенен болып атырған өзгерислерди көргимиз келип турады. Жақсылыққа кимниң жаны қумар емес дейсиз?!

Арал машқаласының ақыбетлерин сапластырыў, өткен жылдағыдай  экологиялық жағдайлардың алдын алыў мақсетинде Арал теңизиниң босаған ултанына сексеўил егиў жумысларына пүткил елимиз бойлап адам ҳәм техника күшлери ендирилип, қыс мәўсиминиң бүгингидей қыраўлы күнлеринде  қызғын мийнет кетип атыр. Өткен жылдың декабрь айының ортасында басланған бес жүз мың гектар жерге сексеўил егилиўи режелестирилген жумысқа бир мың қырықтан аслам жумысшы күши, 549 техника, 2 самолёт қаратылған. Басқа ўәлаятлардан да  500 ден аслам көмекшилер қатнаспақта. Бүгинги күнге шекем 326060 гектардан аслам жер майданы таярланды. Соннан 103 мың 235 гектарына 412 мың 275 килограмм сексеўил туқымы егилди.

-Ҳәр ҳәпте сайын  ҳәким орынбасарлары гезеклесип, тоғай хожалығы, абаданластырыў бөлими қәнигелери менен биргеликте Арал бойында болып атырмыз-дейди район ҳәкиминиң экология ҳәм Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары Бахтыбай Алдамуратов биз бенен сәўбетлескенде. Бизиң районнан үш дана қарық жарыў ҳәм еки дана сексеўил егиў ушын техникалар жиберилди. Сегиз механизатордың ҳәр күнги үш мезгил ыссы аўқаты, дем алысы ушын жуўапкермиз. Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли ҳәм НЈкис районлары бир отрядқа бирлескен болып, күниге 500-600  гектар жерге қарық жарылады. Ҳәр бир отрядқа жумыслар бөлип берилген. Мәселен, Наўайы ўәлаятынан келген жәрдемшилер сексеўил туқымларын егеди. Ферғана ўәлаятынан келген жәрдемшилер ушын қәўендерлик еттик. Район ҳәкимияты атынан өзимизден қатнасып атырған механизаторлар ўатан қорғаўшылар күнинде 2 млн сум менен ақшалай, ун ҳәм басқа азық-аўқатлар, жыллы кийим-кеншек және  «Артель» уялы телефоны менен сыйлықланды.

Халқымыздың аўызбиршилигиниң және бир көринисин көрсетип берип атырған  Арал бойындағы ғалаба мийнет өзиниң жақсы нәтийжесин береди деп үмит күтилип отыр. «Қаранған қарап қалмайды» деген қанатлы сөз бар халқымызда. Тәбиятты адамзат бийлей алмайды, тәбиятқа бийлик етемиз деўшилер болса әлбетте, алжасады. Лекин, ана тәбият инсанның жыллы қолына, жақсылыққа толы жүрегине  бийпарық қарамайды. Қолы гүл инсанның мийнети менен тәбияттың шырайы және де шырайлана түседи. Жақсылық-жақсылық пенен қайтыўына болса биз исенемиз. 

Гүлнара Дәўлетмуратова