ЎАТАНДЫ ҚОРFАЙДЫ, ЖИГИТТИҢ МӘРТИ!
Ўатан-муқаддес, оны қорғаў әдиўли миннет! Бул сөзлерди өз елин шын қәлбинен сүйген ержүрек жигит өзине уран етип алса, елимиз ҳәр қандай жаўыз күшлерден аман болып, халқымыз тыныш татыў өмир сүрери анық.
14-январь-Өзбекстан Республикасы өураллы Күшлери дүзилгенине 27 жыл толыўы мүнәсибети менен елимиз бойлап байрам кешелери, илажлар, таңлаўлар өткерилди. Усындай таңлаўлардың бири Өзбекстан Жаслар аўқамы өарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша республикалық Кеңеси ҳәм Нөкис қаласындағы Арқа-Батыс әскерий округи менен биргеликте Нөкис қаласындағы Жаслар орайы имаратында «Ең жақсы Жасорат клубы» таңлаўы болып өтти. Таңлаўға бизиң 7-санлы мектептиң жаслар аўқамы басланғыш шөлкем жетекшиси Ержан өалижанов қатнасып, сыйлы 2-орынды ийеледи.
Шөлкемлестирилип атырған бундай илажлар, әсиресе, 2018-жыл 15-декабрьден 2019-жыл 15-январь аралығы даўамында өткерилип атырған «Ўатансүйиўшилик» айлығы жасларды ўатанды сүйиў ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўдан ибарат.
Абадан халық болып жасайық мәңги,
Халық көрмесин ҳеш қашан қайғы,
Ҳәр күни той болсын, бахытлы, шадлы,
Ўатанды қорғайды, жигиттиң мәрти!
Бир кирпик қақпастан турар күн-түни,
Суўыққа, ыссыға шыдар ҳәр күни.
Қанша қыйыншылық көрседе дағы,
Ўатанды қорғайды, жигиттиң мәрти!
Сымбат АЙМУРАТОВА
7-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы