Siyosat ЖАҢА ЖЫЛДА ЖАҢАЛАНЫЎЛАР

ЖАҢА ЖЫЛДА ЖАҢАЛАНЫЎЛАР

0
ЖАҢА ЖЫЛДА ЖАҢАЛАНЫЎЛАР

Кишкенелер-ертеңги келешегимиз, өмиримиздиң жалғасы, көзимиздиң қуўанышы. Бүгин қандай тәрбия алса, ертең соның ғана жемисин береди. Яғный, жас нәл сыяқлы дүзиў қадасаң, өскен сайын артық нартларын туўрылап барсаң, кеўлиңдегидей дарақ шығады да, тәрбия бермесең қыйсық шақалы көримсиз терек болады. Бала тәрбиясы да дәл солай!

Турмысымыз жаңаланып атыр. Ата-аналарда мектепке шекемги тәрбия ошағы болған балалар бақшасына  деген исеним артпақта. Ҳәр бир жыйналыс сайын жоқарыдан келгенлер райондағы шаңарақлардан мектепке шекемги тәрбия орайларына қатнасыўшылардың саны барлық балалардың санына есаплағанда 64 процентти қурағанын  Өзбекстан бойлап  үлкен көрсеткиш деп таңланады. Демек, ата-аналар перзентлерин үйде тәрбиялағаннан, балалар бақшасы деп аталып кеткен дәргайдан тәлим-тәрбияны қосып алыўын мақул көреди деген сөз.

Елимизде мектеплерге айрықша дыққат-итибар қаратылып, ҳәр қыйлы оңлаў түрлеринен шыққан болса, бүгинги күнде барлық орынларда мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине ири оңлаў жумыслары жүргизилип атыр.

Райондағы 10-санлы балалар бақшасына «Кегейли-Баркас» қурылыс фирмасы тәрепинен 2 млрд 380 мың сумлық ири оңлаў жумыслары алып барылды. Жаңа жыл байрамы алдынан имарат қайта пайдаланыўға тапсырылды.

Балалар бақшасы имаратының ашылыў салтанатына Өзбекстан Республикасы Президенти администрациясы жуўаплы хызметкери Эркин Юсупов, район ҳәкими Жамбул Адиловлар қатнасты ҳәм өмир гүллери болған нәрестелеримиздиң тәлим-тәрбиясында табыслар тиледи.

Усы күни «Қара ой» аўыл пуқаралар жыйынында 12 орынлық, «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан 24 орынлық «Еркетай» атамасы менен мәмлекетлик емес шаңарақлық бақшалары пайдаланыўға тапсырылды.

 

Гүлнара БЕГДУЛЛАЕВА