Siyosat ҮЙРЕНИЎ НӘТИЙЖЕЛЕРИН ДОДАЛАЎFА АРНАЛДЫ

ҮЙРЕНИЎ НӘТИЙЖЕЛЕРИН ДОДАЛАЎFА АРНАЛДЫ

0
ҮЙРЕНИЎ НӘТИЙЖЕЛЕРИН  ДОДАЛАЎFА АРНАЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 20l7-жыл 8-август күнги «Аймақлардың жедел социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўге байланыслы тийкарғы илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық район аймағы 4 секторға бөлинип, сектор баслықларына бириктирилген аймақларды раўажландырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Бәршемизге белгили, усы жылдың ноябрь айының 1-3-сәнелеринде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пуқаралар ҳуқықларын қорғаў, мүрәжатлар менен ислесиўди қадағалаў ҳәм муўапықластырыў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси қатнасында дүзилген республика исши топар бизиң районымызда болып, районның социаллық-экономикалық жағдайларын, халықты қыйнап киятырған машқалаларды орынларға шығып үйренип шыққан еди.

Жақында райондағы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң мәжилислер залында республикалық исши топар тәрепинен аймақларды социаллық-экономикалық жағдайларды ҳәм халықты қыйнап атырған машқалаларды үйрениўдиң нәтийжелерин додалаўға бағышланған Халық депутатлары районлық Кеңесиниң 44-сессиясы болып өтти.

Сессия жумысын Халық депутатлары районлық Кеңесиниң баслығы, район ҳәкими Жамбул Адилов басқарып барды.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Президенти мәсләҳәтшисиниң орынбасары Алишер Усманов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикери орынбасары Сарвар Отамуратов, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жуўаплы хызметкери Эркин Юсупов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы Сағындық Турманов, Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасы депутатлары, сондай-ақ, район ҳәкиминиң орынбасарлары, ҳуқық қорғаў уйымлары басшылары, пуқаралар жыйынлары  ақсақаллары, республиканың ҳәм районның тийисли мәмлекетлик ҳәм жәмәәтлик шөлкемлер басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессия жумысы ашылғаннан соң сессия хаткерлигине депутатлар арасынан 5-санлы «Ақкесек» сайлаў округинен районлық Кеңестиң депутаты Досан Сейтназаров сайланды.

Буннан соң күн тәртибине қойылған мәселелер көрип шығылды.

1-мәселе районда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумыслардың барысы ҳаққында болып, бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет мүнәсибетлери министри Умар Сабуров шығып сөйледи.

Райондағы бос турған имаратлар, қурылысы тамамланбаған объектлер ҳәм пайдаланылмай атырған жер майданлары ҳәм де олар негизинде инвестиция жойбарларын әмелге асырыў бойынша көрилип атырған ис-илажлар ҳаққындағы мәселе бо-йынша Өзбекстан Республикасы бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң бөлим баслығы Бегзод Матмусаев шығып сөйледи.

Күн тәртибиндеги және бир мәселе: Районда үй-жай коммунал хызмет көрсетиў, соның ишинде гүзги-қысқы мәўсимге              таярлық жумысларының барысы ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Үй-жай коммунал хызмет көрсетиў министрлигиниң бөлим баслығы Нурсаит Султанов сөзге шықты.

Сондай-ақ, аймақларды социал-экономикалық раўажландырыў жумысларының барысы, халықты қыйнап киятырған машқалаларды үйрениў бойынша республикалық исши топар тәрепинен анықланған машқалалар ҳәм оларды сапластырыў илажлары ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Үйрениўлер нәтийжеси бойынша Республика исши топар баслығы Эркин Юсупов шығып сөйледи.

Және де  той-бәзимлер, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер, марҳумлардың естелигине бағышланған илажлардың өткерилиўин тәртипке салыўға қаратылған қарарлардың районда орынланыў барысы қаралды.

Солай етип, күн тәртибине қойылған барлық мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылды ҳәм бул мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА