Siyosat ШАҢАРАҚЛЫҚ ПОЛИКЛИНИКА ИСКЕ ТҮСТИ

ШАҢАРАҚЛЫҚ ПОЛИКЛИНИКА ИСКЕ ТҮСТИ

0
ШАҢАРАҚЛЫҚ ПОЛИКЛИНИКА  ИСКЕ ТҮСТИ

«Денсаўлықты сақлаў тараўы ҳаққында айтқанда бир ҳақыйқатлықты есимизден шығармаўымыз тийис, медицина хызметкерлери-бизиң саламатлығымыз сақшылары. Оларға халық исениўи, олар болса халықты исендире билиўи керек» деген еди елимиз Президенти Мирзиёев медицина хызметкерлери ҳаққында.

Усындай исеним менен елимизде әмелге асырылып атырған  денсаўлықты сақлаў тараўындағы реформалар, халықаралық заманагөй талаплар дәрежесиндеги медицина орталығын жаратыў барысындағы өзгерислерди ҳәр бир қала, аўылларда ушыратыўымыз мүмкин.

Республикамызда денсаўлықты сақлаў мекемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша  2018-жылғы бағдарламасына муўапық 26 мекемеде 56 миллиард, «Абат аўыл»  бағдарламасы тийкарында  13 мекемеде 4,2 миллиард сумлық қайта оңлаў, капитал оңлаў жумыслары алып барылған болса,  солардың бири болып  «Қараой» аўыл пуқаралар жыйынында 16-санлы аўыллық шаңарақлық поликлиникасы заманагөй түске енип, жақында  пайдаланыўға тапсырылды. Районымызда  қурылыс тараўында ҳәр дайым  өз үлесин қосып киятырған «Реверстрой» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл қурылысшылары  тез ўақыт ишинде шаңарақлық поликлиникасы имаратына 1 миллиард еки жүз тоғыз миллион сумлық капитал оңлаў жумысларын алып барды.

Шаңарақлық поликлиникасы болып иске түскен имараттың ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары М.Жуманов, район ҳәкими  Ж.Адилов ҳәм басқалар қатнасты.

6896  халық  жасайтуғын  «Қараой»  аўылында 1003 хожалыққа хызмет көрсететуғын шаңарақ поликлиникасы заман талабына жуўап беретуғын медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген. Бул орында  жоқарғы категориялы хирург, стоматолог, терапевт, акушер-гинеколог, педиатр шыпакерлерге ханалар ажыратылған болып, аўыл халқына медициналық хызмет көрсетиўге арнап барлық мүмкиншиликлер жаратылған. 

Пайдаланыўға тапсырылған шаңарақлық поликлиника аўыл халқының алысын жеңиллетип, олардың саламатлығын тиклеўде  бирден-бир жәрдемши орай болады деген исенимдемиз.

 

Ҳүрлиман АСЕНОВА