ИНСАН САЛАМАТЛЫFЫ ЖОЛЫНДА ҚАЙЫРЛЫ ИСЛЕР
Суў-тиришилик дүньясы ушын үлкен әҳмийетке ийе, сыртқы орталықтың бийбаҳа байлығы болып есапланады. Санитария ҳәм гигиена қағыйдаларына ерисиўде суўдың әҳмийети үлкен, ал усы қағыйдаларға әмел етиў-саламатлық гиреўи болады. Гигиена-адам денсаўлығын сақлаў ҳәм жақсылаў илими болса, санитария-соларға жетисетуғын әмел.
Биз алысқа бармай-ақ, өткен әсирдиң өзимиз жасап өткен дәўирлерин бир еслейик. Аўыллар шашаў жайласқан, мектеплер алыста, үй алды кең жазықлық, айырым үйлерде ҳәжетханалар да қурылмаған. Тап усы жағдайларды аўыллық жерлерге шақырыққа, яки ағайинлердиң үйлерине қыдырып қонаққа барғанда өзимиз көрип, гүўасы болғанбыз. Ал, бүгинги күнге келип халық саламатлығы жолында көплеген қайырлы ислер даўам етип атыр.
«Мақпалкөл», «Өзбекстан», «Айдын жол», «Дәўир», «Fәрезсизлик» ҳәм «Тахтакөпир» аўыллық пуқаралар жыйынларында еки күн даўам еткен инсан саламатлығын сақлаў, аўырыўдың алдын алыў, шаңарақларда тазалыққа итибар қаратыўдай көрер көзге әпиўайы көрингени менен де, итибарсызлық арқалы инсан өмирине үлкен қәўип туўдырыўшы жағдайлардың алдын алыўға бағышланған «Саламат шаңарақ-бахытлы шаңарақ» атамасындағы тренинг тыңлаўшыларының шыпакер қәнийгелерден үйренгени, уққаны көп болды деп ойлаймыз.
-Бизиң тийкарғы мақсетимиз-халқымыздың медициналық саўаты асыўына жәрдем етиў. Мәселен, айырым раўажланған еллерде халқының турмыс тәризи санитария-гигиеналық талапларға толықжуўап бергенликтен, асқазан-ишек аўырыўлары, иш кетиўлер жүдә сийрек ушырасады,-дейди биз бенен сәўбетте болған Республикалық АИЖС қа қарсы гүресиў орайының меңгериўши шыпакери Гүлзабира Абилдаева. Мәмлекетимиздиң алға қойған талабы-қала менен аўылды теңлестириў екен, демек аўыл хал-қының таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи, иммунитети пәс болатуғын балалардың көп жыйналатуғын жери мектепке шекемги тәрбия орны менен мектеплерде қол жуўғышлар орнатыў, ата-аналардың перзентлерин аўқатланыўдан алдын, ҳәжетханадан шыққанда, ойыннан келгенде, сыртта жумыс ислеп келсе әлбетте қолларын сабынлап жуўыўға әдетлендириў сыяқлы ҳәр биримиздиң қолымыздан келетуғын ислерге бийпәрўа қарамаўға шақырамыз. Биз шыпакерлердиң аўыл аралап жүргендеги, халық пенен бирге болғандағы мақсетимиз усы-түсиндириў жумысларын алып барыў.
Бирлескен миллетлер шөлкеминиң мағлыўматларына сүйенсек, Қарақалпақстанда жергиликли халықтың тек ғана 50,8 проценти орайласқан суў тәмийнатынан пайдаланыў имканиятына ийе. Айырым алыс аўыллар халқы шуқырлығы 400-500 метрлик артезиан қудықларынан пайдаланады екен.
Быйылғы жылдың «Абат аўыл» дәстүрине киргизилген «Мақпалкөл» аўылы халқы ушын ишимлик суў қубырлары қайта реконструкцияланып атыр. Бул Coca-Cola Foundation тәрепинен ажыратылған қаржы аўыл халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўди жолға қойыўда Бирлескен миллетлер шөлкеминиң республикамызды раўажландырыў бағдарламасы тийкарында әмелге асырылмақта.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА