Siyosat ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРFА БОЛFАН ИТИБАР

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРFА БОЛFАН ИТИБАР

0
ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРFА БОЛFАН ИТИБАР

Қайсыдур мәмлекетте ҳаял затына итибар берилсе ғана сол жәмийетте алға илгерилеў, раўажланыў болады. Ҳаял ҳәмийше өмирдиң ҳәр бир буўынында инсаныйлық ҳәм меҳир-муҳаббат туйғыларынан сабақ береди.

Биз жәмийеттиң раўажланыўын ҳаял-қызларымыздың қатнасыўысыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Әдалатлы жәмийетте ҳаял ҳуқықы ең уллы, ең муқаддес есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-февральдағы «Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы  ПП-4947-санлы ҳәм 2017-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды  қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5325-санлы Пәрманлары мәмлекетимиздеги ҳаял-қызларды және де жаңа басқышларға көтерди.

Бул Пәрман ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың билим ҳәм мақсетли жумысларын шөлкемлестириў,   шаңарақларда руўхый әдеп-икрамлылық орталықты беккемлеў, саламатластырыўдың нәтийжели механизмлерин жаратыўға тосқынлықетип атырған машқала ҳәм кемшиликлерди шешиўге қаратылған ҳүжжет болды.

Пәрман тийкарында райондағы 17 мәҳәлле пуқаралар жыйынында Ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый-әдеп икрамлылық қәдириятларын беккемлеў бойынша қәнийге лаўазымы енгизилди. Қәнийгелер 2018-жыл апрель айынан баслап жумыс баслады.

Сондай-ақ, ПҲАЖ органларының неке мүнәсибетлери бойынша актлерди рәсмийлестириў, шаңарақ институтын беккемлеў, неке бузылыўларының алдын алыў менен байланыслы болған тийкарғы жумыс бағдарлары бойынша район ҳәкимликлерине бойсындырылыўы белгилеп қойылды. Ҳаял-қызлар комитети қасынан «Шаңарақ орайы»нда бир қәнийге жумыс баслады.

Районда ҳаял-қызлардың машқалаларын үйренип шығыў нәтийжесинде аўыр шәраяттағы 72 ҳаял-қыз анықланып, олардан 41 ҳаял-қыздың жумыс ислеўге мүтәж екенлиги, 4 ҳаял-қыз үй-жайға, 44 шаңарақта еки ҳәм оннан көп перзентлер тәрбияланып атырғаны, бир шаңарақта социаллық жағдайы бойынша бөлек ханада жасаўы керек наўқас (туберкулёз кеселлиги менен аўырған) бар екенлиги, 13 кем тәмийинленген шаңарақта жас өспирим балалар тәрбияланып атырғаны, 2 шаңарақта майып бала тәрбияланып атырғаны анықланды. Бул ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын илажлар көрилди. Жумыс ислеўге мүтәж 41 ҳаял-қызды жумыс пенен бәнтлеў бойынша дәстүрге киргизилип, бүгинги күнде жумыс пенен бәнтленди.

Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, әсиресе аўыллықжердеги жас қызларды шаңарақлықҳәм жеке исбилерменликке, өнерментшиликке кеңнен тартыў мәселелеринде ҳәр тәреплеме мәнзилли қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Жаңадәрья» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 10 ҳаял-қыз «Устаз-шәкирт» есабынан оқытылып, «Рано шебер» кәрханасы есабынан «Жаңадәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы бос турған имарат ишинен 3 ҳаял-қыз бәнтленип, өз жумысын баслады.

Исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши 25 ҳаял-қызға Агробанктиң районлықфилиалы тәрепинен 227484 миллион сум, Халықбанктиң районлықфилиалы тәрепинен 10 ҳаял-қызға 754500 миллион сум кредит пуллары ажыратылды.

Районда ҳаял-қызлар арасында ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў, биринши гезекте ҳуқықбузарлыққа бейим болғанлар менен жеке тәртипте жумыс алып барыў ушын жазаны өтеў мекемелеринен азат етилген ҳаял-қызлардың социаллықреабилитациясы ҳәм бейимлесиўи бойынша илажларды әмелге асырыўда мәмлекетлик уйымлар және пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен тығыз бирге ислесиўди тәмийинлеў мақсетинде жол карталары ислеп шығылып, әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинеде 2017-жылы 5 жынаят болса, 2017-жылы 2 жынаят жағдайы болған.  Деген менен өз жанына қастыянлықетиў жағдайы өткен жылы төртеў болса, быйыл бес жағдай ушырасты.

Шаңарақларда ҳәр түрли себеплер менен жәбир көрген ҳаял-қызларды социаллық қорғаў ҳәм оларға медициналық, психологиялықжақтан жәрдем көрсетиў мақсетинде «Ҳаяллар социаллықбейимлесиў орайы» шөлкемлестирилди. Орай тәрепинен 4 ҳаял-қызға жәрдем көрсетилди.

Район бойынша 2017-жылы 9 ай даўамында 209 неке дүзилген болса, 2017-жылы 224 неке дүзилди. Аталықты белгилеў өткен жылы 90 болған болса, быйылғы жылы 58 болып-32 ге азайған.

Жыл басынан берли ҳәр түрли себеплер менен ажырасып отырған шаңарақлар, мәҳәллелерге жарастырыў илажларын алып барыў бойынша мүрәжат еткен жәми 49 шаңарақтан 43 шаңарақтың ажырасып кетиўиниң алды алынды.

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, республикалық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зухра Ибрагимованың қатнасыўында ҳаял-қызлар конференциясы болып өтти. Онда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўы бойынша алып барылған жумыслар талқыланды. Ҳаял-қызлар менен ислесиўши қәнигелерге, шөлкемлерге және де үлкен ўазыйпалар жүкленди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң 9 бөлимнен ибарат жаңадан нызам жойбары кең түрде талқыланды.

Әлбетте, мәмлекетимизде ҳаял-қызларға болған итибардың күшли екенлигин олардың мүнәсип турмыс шараятларын жақсылаў, аўырын жеңил етиў, ҳуқықларын тәми-йинлеў, тараўларда өз қәбилетлери менен имканиятларын жүзеге шығарыў ушын шәраят жаратыў, аналықты, балалықты қорғаў бойынша исленип атырған жумыслардың әмелдеги көринисинде көре аламыз.

 

Айсанем АЛЛИЯРОВА

Олий Мажлис сенаты ағзасы, район ҳәкиминиң орынбасары, районлықҳаял-қызлар комитетиниң баслығы